Мәмлекетлик тест орайының mandat.dtm.uz сайтына ҳаял-қызлар, майыплығы болған адамлар ҳәм «Меҳрибанлық үйи» және Балалар қалашаларының питкериўшилери болған толық жетимлер ушын берилетуғын жеңилликлерге ийе абитуриентлер ҳаққындағы мағлыўматлар орналастырылды.

Усы жеңилликлердиң бирине ийе болған абитуриент mandat.dtm.uz сайтының «Жеңилликли» бөлиминен тийисли жеңиллик түрин сайлаған ҳалда усы жеңилликке ийе абитуриентлер ҳаққындағы мағлыўматларды көриўи ҳәм жеңиллик шеңберинде нешинши орында турғанын билиўи мүмкин.

Бунда абитуриентлердиң дизими олардың топлаған баллары тийкарында тәртипленеди және усы жеңиллик шеңберинде ажыратылған қосымша қабыллаў көрсеткишлери саны көрсетиледи.

Ҳаял-қызлар ушын берилетуғын жеңиллик абитуриент қайсы жоқары оқыў орнына тапсырғанына қарамастан оның турақлы дизимде турған мәнзили тийкарында қолланылады ҳәм күндизги тәлим формалары ушын орынлы болып табылады.

Майыплығы болған адамлар ҳәм «Меҳрибанлық үйи» және Балалар қалашаларының питкериўшилери болған толық жетимлер ушын берилетуғын жеңиллик болса ҳәр бир тәлим формасы ушын жоқары оқыў орны кесиминде қолланылады.

Жеңиллик шеңберинде студентликке усыныс етилмеген абитуриентлер барлық абитуриентлер сыяқлы улыўмалық таңлаўда да қатнасады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.