Республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде  “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў” жылы мүнәсибети менен спорттың жүзиў түри бойынша 2007-2008-2009-жыллары туўылған ер балалар ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикалық турнири өткерилди.

Турнир жуўмағында, 100 метрге еркин усылда жүзиў бойынша ер балалар арасында А.Базарбаев биринши, А.Орынбасаров екинши, Ш.Үргенишбаев үшинши орынды ийелеген болса, қызлар арасында С.Файзуллаева биринши, С.Оразбаева екинши, Г.Қалбаева үшинши орынды ийеледи.

50 метр аралыққа жүзиў жарысында М.Хожаназарова биринши, Г.Оңалбаева екинши, С.Оразбаева үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланып,  Өзбекстан басқышына жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги