Нөкис қаласындағы Республикалық көзи әззилер китапханасында елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы алдынан Өзбекстан көзи әззилер жәмийети Қарақалпақстан бөлими хызметкерлери арасында спорттың шашка түри бойынша ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты  өткерилди.

Чемпионатты өткериўдеги тийкарғы мақсет –  спорттың шашка түрин кеңнен раўажландырыў, хызметкерлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў,  жарысларға таярлаў ҳәм оларды хошаметлеп, қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Жарыс жуўмағында Ю.Сайитов ҳәм А.Қурбаниязова биринши, Қ.Сәрсенбаев, Д.Сүлейманов екинши, А.Алламова, И.Атажановлар үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт басқармасы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги