Усы жыл 19-август күни Республикалық балалар китапханасында «Әдебиятқа итибар – келешекке итибар» атамасында жазыўшы-шайырлар менен  ушырасыў  кешеси  өткерилди.

Оған Нөкис қалалық «Бəркамал əўлад» балалар мектеби, 11-санлы улыўма орта билим бериў  мектеби оқыўшылары қатнасты.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының ағзасы, балалар шайыры Шийрин Атамуратова, Қарақалпақстан Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, шайыр ҳәм жазыўшы,  Көбейсин Ерназаров мийманда болып, оқыўшыларға бүгинги күнде елимизде жасларымызға берилген имканиятлардың кең екенлигин ҳәм сол имканиятлардан дурыс пайдаланып, көбирек китап оқыў керек екенлигин атап өтти.

– Қосықларда инсанның арзыў-әрманы, қуўаныш-қайғысы, қәлеўлери, ең пәк сезимлери, муҳаббаты жәмлескен. Онда жаўызлық, жаманлық жоқ, онда шын кеўиллилик өзгеше болып туради. Сол себепли әдебиятқа қызыққан ҳәм қосықларды жақсы көрген кеўилден жаманлық шықпайды. Қосық қатарлары арқалы шын мәнисте сезимлер қәлиплеседи, -дейди  шайыр Шийрин Атамуратова. Бундай ушырасыўлар арқалы оқыўшы жасларымыздың әдебиятқа, улыўма китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырып, олардың қатары көбейиўине ерисемиз.

Ушырасыў даўамында жазыўшы-шайырлар өзлериниң дөретпелеринен жыйналғанларға оқып берди. Оқыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды ҳәм мийманларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген