Усы жыл 16-19-август күнлери аралығында  Шыршық қаласында Өзбекстан Республикасы қол урысы федерациясы тәрепинен спорттың қол урысы бойынша Өзбекстан кубогы өткерилди.

Кубок ойынларына Өзбекстан Республикасының барлық ўәлаятларынан 500 ден аслам спортшылар қатнасты.

 Оған Хожели районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 3-санлы улыўма орта билим бериў  мектебиниң  жасларды шақырыққа шекемги таярлаў ҳәм денетәрбиясы пәни оқытыўшысы Еркинбай Қосбергенов  55 жас  арасында болып өткен жарысқа  75 кг салмақта қатнасып,  1-орынды жеңип алыўға еристи.

-Елимизде спорт тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Мектепте 37 жылдан асламырақ ўақыт даўамында мийнет етип киятырман. Шәкиртим республика көлеминде өткерилип атырған кубок ҳәм чемпионатларға табыслы қатнасып, жоқары нәтийжелерге ериспекте, – дейди Өзбекстан кубоги  жеңимпазы Еркинбай Қосбергенов.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы