Мәмлекетлик тест орайының мандат сайтындағы дизиминде Президент гранты ушын талабан болатуғын абитуриентлердиң дизими жәрияланды. Оған муўапық, 185,85 баллдан жоқары көрсеткишке ерискен 233 абитуриент Президент грантына талабанлық етеди. Бул ҳаққында Хушнудбек Худайбердиев өз каналында жазды.

Хабарда жазылыўынша, 200-орындағы абитуриент пенен бирдей балл топлаған барлық абитуриентлер усы грантқа талабан болады. Нәтийжелерге қарайтуғын болсақ, 185-орыннан 233-орынға шекем абитуриентлер бирдей 185,85 балл топлаған, сонлықтан олардың барлығы Президент грантына талабан болып есапланады.

Республика бойлап улыўма 75 абитуриент ең максималл 189 балл топлаған.

Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Президент грантын алғанлар егер төлемли контрактқа кирген болса да, мәмлекетлик грант тийкарында оқыйды.

Президент грантына талабан болған 233 абитуриенттиң алтаўы Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырған. Яғный:

Қарақалпақ мәмлекетлик университети – 4;

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты – 1;

Қарақалпақстан медицина институты – 1.

Соны қосымша етиў керек, бул мағлыўматлар коронавирусқа шатылған ямаса тест күни температурасы жоқары болған абитуриентлер ушын болып өтетуғын тест нәтийжелеринен кейин өзгериўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.