Усы жыл 17-18-август күнлери Нөкисте улыўма орта билим бериў мектеплериниң 7-10-класс оқыўшылары арасында «Жазғы дем алысты спорт пенен өткеремиз»   сүрени астында спорттың бадминтон, шахмат, шашка түри бойынша спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Жарысқа қалалық ҳәм районлық басқышта жеңимпаз болған жүзге шамалас оқыўшы қатнасты.

– Спорт жарысы Өзбекстан «Ёшлик» денетәрбия ҳәм спорт жәмәәти Орайлық Кеңесиниң  усы жыл 4-январьда тастыйықланған жыллық режесине тийкарланып  өткерилмекте.   Оқыўшылар өзлериниң бос ўақытларын мазмунлы өткерип,  спорт жарысына белсене қатнаспақта,  – дейди Өзбекстан «Ёшлик» денетәрбия ҳәм спорт жәмәәти Қарақалпақстан бөлими баслығының орынбасары Б.Байниязов.

Жарыс жуўмағында  спорттың бадминтон түринен Нөкис қаласы биринши, Кегейли районы екинши, Әмиўдәрья районы үшинши орынды ийелеген болса,  спорттың шахмат түринен Әмиўдәрья районы биринши, шашка түринен Нөкис қаласы оқыўшылары жеңимпаз болды  ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен  мүнәсип сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги