Социаллық тармақларда жоқары оқыў орынларында жаңа оқыў жылы дәстүрий (офлайн) тәризде басланыўы ҳаққындағы хабарлар тарқалған еди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги усы хабарларға рәсмий мүнәсибет билдирип, ҳәзирги ўақытта министрлик тәрепинен жоқары оқыў орынларының пандемия шараятында санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда оқыў процесин дәстүрий (офлайн) тәризде шөлкемлестириў бойынша таярлық жағдайы үйренилип атырғанын мәлим етти.

«Үйрениўлер нәтийжесине муўапық, тийисли мағлыўматлар Министрлер Кабинетине усынылады. Жоқары оқыў орынларында оқыў процесин шөлкемлестириў бойынша жуўмақлаўшы шешим тастыйықланғаннан соң, министрликтиң сайты ҳәм социаллық тармақлардағы каналлары арқалы рәсмий тәризде жәрияланады», – деп жазбақта министрлик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.