Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июньдағы 393-санлы қарарының 2-қосымшасы – Жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы Режеге муўапық:

– Магистратураға қәнигелик бойынша арнаўлы пәннен кириў имтиханы ушын белгиленген максимал баллдың 55 проценти ҳәм оннан кем балл топлағанлар, сондай-ақ, белгиленген мүддетлерде кириў имтиханларына келмегенлер гезектеги кириў имтиханына киргизилмейди және магистратураға қабыл етилмейди.

Жоқары билимлендириў мәкемесинде белгиленген тәртипте апелляция (наразылық) комиссиясының жумысы шөлкемлестириледи.

Абитуриент имтихан нәтийжесинен наразы болған жағдайда, имтихан нәтийжелери жәрияланған ўақыттан баслап 24 саат даўамында имтихан жумысын апелляциялаў ҳаққындағы арза менен жоқары билимлендириў мәкемесиниң қабыллаў комиссиясы баслығы ямаса апелляция (наразылық) комиссиясының баслығына мүрәжат етиўи мүмкин. Апелляция ҳаққындағы арзаны көрип шығыў мүддети еки күннен өтип кетпеўи керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.