Усы жыл 14-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты басламасы менен Туризм ҳәм спорт министрлиги, Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы менен биргеликте халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанындағы Жаслар парламенти ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары ҳәм аппараты хызметкерлери арасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының кубоги ушын «Парламент ойынлары» спорт жарысы өткерилди.

Онда спорттың мини-футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм бадминтон түрлери бойынша беллесиўлер  болып өтти.

Спорт жарысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары районлық (қалалық) кеңеслеринен де ўәкиллеримиз  белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерге еристи.

Атап айтқанда, спорттыӊ мини-футбол түри бойынша қатнасқан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси командасы екинши, спорттың бадминтон түри бойынша ҳаял-қызлар арасында Жоқарғы Кеӊес депутаты Зухра Реймова екинши, стол тенниси бойынша халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутаты Гүлзира Сидиқова екинши, ерлер арасында волейбол бойынша халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊесиниң «Ақмаңғыт» командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги