Республикалық балалар китапханасында балалардың жазғы дем алыс ўақтын мазмунлы ҳəм кеўилли өткериў мақсетинде бир қанша илажлар өткерилмекте.

Жақында усы китапханада «Жаз өтпекте – саз» атамасында викторина сораў-жуўап ойыны өткерилди.

Оған Нөкис қалалық «Бəркамал əўлад» балалар мектеби, 11-санлы улыўма орта билим бериў  мектеби оқыўшылары,  белсенди китап оқыўшылар ҳəм олардың устазлары  қатнасты.

Жарыс қатнасыўшылары «Әдебият шайдалары» ҳəм «Жас жулдызлар» топарларына  бөлинип, өз-ара күш сынасты.

– Китапханамызда балалар ушын  жаңа əдебиятлардың презентациялары, жазыўшы-шайырлар менен ушырасыў кешелери, ҳәр қыйлы интерактив, интеллектуаллық викторина, сораў-жуўап ойынлары шөлкемлестирилмекте. Бүгинги жарысты өткериўдеги мақсет – оқыўшылар өзлериниң билим дəрежесин, шаққанлығын, зийреклигин сондай-ақ, китапларды қанша көп оқығанлығын жəне бир мəрте сынақтан өткереди. Қатнасыўшылар жарыс даўамында нақылдың изин даўам еттириў, жумбақлар билимданы, «Мени түсин» фантомима, «Мен сүйген китаптағы қахарман» шəртлери бойынша қатнаспақта, – дейди орта ҳəм үлкен жастағы китап оқыўшыларына хызмет көрсетиў бөлими баслығы              Г.Кеўнимжаева.

Жарыс жуўмағында  «Әдебият шайдалары» топары жеңиске ерисип,  шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилди