Усы жылдың 10-август күни Мойнақ районы «Арал» футбол стадионында болып өткен футбол бойынша Қарақалпақстан XXVIII чемпионатының 8-тур ойынында «Мойнақ сити» ҳәм Миллий гвардияның «Жайҳун» командалары футболшылары арасында жәнжел жүзеге келген.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң районлық Ишки ислер бөлимине тийкарланып хабар бериўинше, ойынның шама менен 67-минутында «Жайҳун» командасы футболшысы А.Ережеповтың «Мойнақ сити» командасы ағзасы С.Мырзамуратовты жығылтыўы ақыбетинде еки команда ойыншылары арасында келиспеўшилик жүзеге келген.
Сондай-ақ, айрым тамашагөйлер ойын төрешисиниң ҳәрекетлеринен наразы болып, футбол майданына шығып кеткен.
Районлық Ишки ислер бөлими ҳәм Миллий гвардия сақшылық бөлими хызметкерлери тәрепинен өз ўақтында унамсыз ҳәдийсениң алды алынған. Ўақыя ақыбетинде жарақат алған ямаса емлеўханаға түскен адамлар болмаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.