Бүгинги күни дүнья жүзиндеги 43 тен аслам жоқары оқыӯ орынлары ҳәм илимий-изертлеӯ орайлары менен бирге ислесип киятырған Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниӊ Нөкис филиалы әйне күнлери Россиядағы бир қатар жоқары оқыӯ орынлары менен бакалавр ҳәм магистратура бағдарында оқыӯды қәлеӯши жасларды оқыӯға қабыллаӯ бойынша бир қанша унамлы илажларды әмелге асырып келмекте.

Атап айтқанда, 14-июль күни бир неше жаслар  Қубла Урал мәмлекетлик аграр университетиниӊ механизация ҳәм аграномия қәнигеликлери бойынша бакалавр тәлим бағдарына Бирден-бир мәмлекетлик имтихан тийкарында  математика, биология, рус тили ҳәм әдебияты пәнлеринен онлайн  тест тапсырған болса, 6-9-август күнлери «Технология ҳәм аӯыл хожалығын механизациялаӯ» қәнигелиги бойынша магистратураға жазба түрде имтихан тапсырды.

-Бакалавр тәлим бағдары бойынша Қубла Урал мәмлекетлик аграр университетине тест тапсырған талабанларға 3 пәннен таярланған сораӯларды шешиӯ ушын 3 саат, магистратураға тапсырған талабанлар ушын өз қәнигеликлери бойынша берилген 4 сораӯға  жазба түрде жуӯап жазыӯға  4 саат мүддет  берилди. Филиалда шөлкемлестирилген  бул имтиханларды россиялы кәсиплеслеримиз бақлап барды,-дейди бизге Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалыныӊ Халықаралық бирге ислесиӯ бөлиминиң баслығы Бекмурат Абдикаиров.-Келеси ҳәптеде усы тапсырылған имтиханлардыӊ нәтийжелери мәлим болады. Бизлер бүгин имтихан тапсырған жаслар арасынан Россия университетлеринде тәлим алатуғын талабанлар жетилисип шығатуғынлығына беккем исенемиз. Себеби, оларда билим ҳәм илим ийелеӯге деген ықлас ҳәм инта жоқары.

 

Адилбай Оразов,

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги