Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский  атындағы математика институтының рәсмий сайтының мағлыўматында келтириўинше, усы жыл 2-7-август күнлери аралығында жоқары оқыў орынларының студентлери арасында  28-халықаралық  математика олимпиадасы өткерилди.

Онда АҚШ, Россия, Германия, Уллы Британия ҳәм басқа да 55 тен аслам мәмлекетлердиң университетлеринде билим алып атырған 592 студент  қатнасты.

Өзбекстан студентлериниң бул олимпиадада жақсы қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жыл март-июль айларында В.И.Романовский  атындағы математика институты муғаллимлери Бегзаб Қурбанбаев ҳәм Фархат Ҳайдаровлар тәрепинен таярлық оқыў-сабақлары өткерилди. Таялықтың жуўмақлаўшы басқышы июль айында өткерилип, 4 басқышлы сайлап алыў нәтийжелерине бола, 17 студент сайланды командаға қабыл етилди.

Олимпиада жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  питкериўши студенти Камал Садиқов алтын медаль  жеңимпазы болды.

– Камалға төрт жыл  даўамында топар басшысы болғанман. Талапшаң, зийрек студентлеримниң бири болды. Университеттиң математика тәлим бағдарында оқып билим алды. Усындай талантлы жасларымыздың қатарының көбейиўи  елимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибардан деп билемен. Бул ерискен жетискенлиги елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамына саўға болды, – дейди К.Садиқовтың топар басшысы Шийрий Ережепова.

Солай етип, олимпиада жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы 5 алтын, 6 гүмис, 4 бронза медалы, ал 2 студент ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы