Пайтахтымызда Өзбекстан Халық демократиялық партиясы орайлық кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.

Онда усы жылы 24-октябрьде өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында партияның қатнасыўына байланыслы ҳәм Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген болажақ талабан ҳаққындағы мәселелер додаланды.

Атап айтқанда, партиядан Президентликке көрсетилетуғын болажақ талабан бойынша тийисли мағлыўматларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныў ушын қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине партия электораты, тәрепдар ҳәм белсендилер тәрепинен усыныс етилген Мақсуда Ворисова партияның қурылтайында көрип шығыў ушын талабан сыпатында көрсетилди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы 2021-жылғы президентлик сайлаўларына Мақсуда Ворисова Азизовнаның кандидатурасын алға қойды.

Сайлаў кодексине тийкарланып Орайлық сайлаў комиссиясы партия тәрепинен усынылған ҳүжжетлерди 5 күнлик мүддетте көрип шығып, арза қанаатландырылған жағдайда сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине дизимге алынғанлық гүўалығы ҳәм белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклерин береди.

Сондай-ақ, пленумда партияның жаңа символын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де қызғын додаланды. Жумысшы топар партияның жаңаша сиясий брендин жаратыў, логотипин жаңалаў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Қәниге ҳәм экспертлер, белсендилер ҳәм ветеранлар партияның көп жыллық рамзлерин өзгертиў бойынша 30 ға шамалас усыныс алынды. Жумысшы топар узақ додалаўлардан кейин таңланған усыныслар бойынша пикир-усыныслар да тыңланды.

Халық демократиялық партиясының жаңа логитипи параллелограмм түринде болып, сыя ҳәм ақ реңде сәўлелендирилген, орайында «XDP» деген жазыў түсирилген.

Белгидеги сыя рең – мийрим-шәпәәт, сақаўат белгиси болып, жетекшилер, лидерлердиң реңи есапланады. Бул рең партия өз электораты ўәкиллериниң мәпин қорғаўға, олардың арзыў-нийетлерин әмелге асырыўға ҳәм қоллап-қуўатлаўға бәрқулла таяр екенине белги болып есапланады.

Ақ рең тынышлық-аўызбиршилик, социаллық тилеклеслик ҳәм турақлылық сыяқлы әзелий ҳәм жақсы идеяларды сәўлелендиреди.

Усыныс ҳәм пикирлерден кейин Халық демократиялық партиясының жаңа логотипи ҳәм байрағы қабыл етилди.

 

Гулноза Бобоева, ӨзА