Төрткүл районында 16-30 жас аралығындағы жәмлеспеген жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде спорттың гүрес түри бойынша «Прокурор кубоги» жарысы өткерилди.

Жарысқа мәҳәллелерде ҳәм аўылларда жасайтуғын жаслар 60, 66, 73, 81, 90, 100, +100 килограмм салмақ категориясында қатнасып, өзлериниң шаққанлықларын сынақтан өткерди.

Жарыс жуўмағында  өз салмақ категориясында Асадбек Жуманиязов, Жўрабек Мәмбетов, Арыслан Мухаммедов, Жавоҳир Сапарбаев, Иқбол Туванов, Иброҳим Юлдашевлар бириншиликти ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған  диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги