Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың усы жыл  20-21-январь күнлери республикамызға болған сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде де бир қатар  жумыслар әмелге асырылмақта.

 Қараөзек районы орайындағы Ғәрезсизлик көшесиниң арқа тәрепинен бес гектар жердеги Мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағын қурыўдың тийкарғы жумыслары жуўмақланып, бул жерде бағдың сыртқы инфраструктурасын, суў менен тәмийинлеў системасын жақсылаў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша да бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

Мәденият ҳәм халықтың дем алыў бағына аттракцион үскенелерин алып келип орнатыў ушын «Миллий банк» тиң Қарақалпақстан филиалынан 330,0 млн.сўм кредит қаржысы ажыратылды.

Бүгинги күнге келип, бағда сегиз аттракцион қурылмасы ҳәм түнги жақтыландырыў үскенелери қурылды.

Усыларға қосымша басқа да ҳәр қыйлы аттракцион қурылмаларын алып келип орналастырыў режелестирилген.

Ғәрезсизлик көшесинде «Еслеў майданшасы» ҳәм  «Ҳәсиретли ана» естеликлери бой тиклеп, бул жердиң көркине көрик, шырайына шырай қоспақта. Бул қурылыс ушын 350 млн.сум қаржы ажыратылды. Район турғынларының усындай ийгиликли ислерден кеўиллери толып-таспақта.

Бул ислердиң әмелге асыўында райондағы абаданластырыў басқармасы хызметкерлериниң қосқан үлеси айрықша болмақта.

Атап айтқанда, олар 3500 метр квадрат майданға «Шаран» гүл туқымларын, 1500 түп терек нәллерин, 3000 дана «Можевейник» терегин егиўге еристи. Сондай-ақ, жап-салмалар, көше бойлары  тазаланып, 58 тонна ҳәр қыйлы шығындылар арнаўлы транспортлар менен орынларға  шығарылып тасланды. Буннан басқа да район аймағындағы ишки хожалық жоллары қайта исленбекте.

Бул бағдардағы жумыслар қызғын даўам етпекте.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы