Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Жаз жилўалары» атамасында көргизбе ашылды.
Көрзизбеде 10 художкиктиң 40 қа шамалас дөретпелери орын алған болып, онда елимиздиң сулыў тәбияты, пасыллар алмасыўының өзине тәнлиги, жаз мәўсиминиң гөззаллығы қыл қәлем ийелери тәрепинен шебер сәўлеленген.
Көргизбениң ашылыўында шығып сөйлегенлер, художниклердиң жаз мәўсиминде ислеген дөретпелериниң өзине тәнлиги, жазғы тәбиятты өзлериниң көз-қарасында түрли реңлер арқалы жеткерип бере алғанлығын атап өтти.
– Нөкис қаласында туўылғанман. Ташкент қаласында оқыдым, сол қалада жасайман. Бүгинги көргизбени тамашалап, елимиз тәбиятының гөззаллығы ҳәм тәкирарланбас сулыўлығының және бир мәрте гүўасы болдым. Сағынышым басылды, – дейди Зулайха Қутлымуратова. Менде художник С.Байбосыновтың дөретпелери үлкен қызығыўшылық оятты. Художник пенен ушырасып, оның дөретпелериниң мазмун-мәниси, философиясы ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болдым.
Көргизбеде Қарақалпақстан халық художниги С.Байбосыновтың «Натюрморт», «Булақ», Ж.Лепесовтың «Қызлар лимон термекте», А.Раджабовтың «Гүллер», А.Қудайбергеновтың «Этюд. Қызкеткен», Б.Серекеевтиң «Дем алыў» сыяқлы дөретпелери көркем өнер ықласбентлерине эстетикалық, руўхый заўық бағышлады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
Мақаланың сүўретлери М.ҲАБИБУЛЛАЕВ тәрепинен түсирилген