Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 2-санлы протоколы тастыйықланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик тест орайы хабар берди.
Усы тийкарда пандемия шараятындағы эпидемиологиялық жағдайдан келип шығып, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары 2021-жыл 5-августтан басланады және тест сынақлары ашық стадион ҳәм қыябанларда өткериледи.
Тест сынақлары қағыйда тәризинде, күнине еки сменада өткериледи ҳәм 1-смена 07:00 де, 2-сменада 19:00 де басланады.
Кириў тест сынақларына улыўма 3 саат ўақыт ажыратылады.
Барлық тест тапсырыўшылар ушын мәжбүрий болған 3 пән бойынша:
Ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили) пәнинен 10 сораў берилип, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан – максимал 21 балл;
Математика пәнинен 10 сораў берилип, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан – максимал 21 балл;
Өзбекстан тарийхы пәнинен 10 сораў берилип, ҳәр бири ушын 2,1 баллдан – максимал 21 балл бериледи.
Мәжбүрий пәнлерден улыўма топлаў мүмкин болған балл – 63 балл.
Бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес болған 2 пән бойынша:
1-пән ушын 20 сораў, ҳәр бири ушын 3,15 баллдан – максимал 63 балл;
2-пән ушын 20 сораў, ҳәр бири ушын 3,15 баллдан – максимал 63 балл бериледи.
Бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес болған 2 пән бойынша топлаў мүмкин болған максимал балл – 126 баллды қурайды.
Улыўма алғанда, 2021-2022-оқыў жылы қабыллаўында абитуриентлерге 5 пән бойынша улыўма 70 тест сораўы бериледи. Бунда топлаў мүмкин болған максимал балл – 189 баллды қурайды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.