Жасларымыздың көркем өнер ҳәм мәденият тараўына болған қызығыўшылығын еле де арттырыў және қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте жаңа баслама – елимиздеги талантлы жәмлеспеген жаслар арасынан «Жаслар оркестри» шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында ҚР Мәденият министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Хош, бул оркестрдиң тийкарғы ўазыйпасы нелерден ибарат ҳәм бул оркестр қашан өз жумысын баслайды? Бул сораўға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары Икрам Абдикаликов төмендегише жуўап берди.
— Мәденият министрлиги жасларымызды мудамы қоллап-қуўатлаўға таяр. Билемиз, халқымыз арасында туўма талант ийелери, қәбилетли жасларымыз көп. Усындай талантлыларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде биз Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте тәжирийбели жасларымыз бенен халық арасындағы талантлы, жәмлеспеген жасларымыздан ибарат «Жаслар оркестри»н шөлкемлестирдик. Бүгинги күни оркестрге қырыққа жақын жасларымыз ағза болған болса, солардан 10 ы жәмлеспеген жас есапланады. Ҳәзирде бул оркестрге жас, талантлы дирижёр Мийрас Ҳабипов басшылық етпекте. Жаслардың шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылды. Усы жылдың август айында оркестрдиң ашылыў мәресимин концерт бағдарламасы формасында өткериў жобаластырылған.
Әлбетте, бул жаңа баслама талантлы жасларымызды бир жерге жәмлеп, жаңа дөретиўшилик шеклерге баслары анық.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.