Аўғанстан – Өзбекстанға ең жақын, шегаралас мәмлекет. Еллеримиз халықларын тек ғана жақын шегара емес, ал уқсас тарийх ҳәм дин, әдебий мийрас ҳәм дәстүрлер бирлестиреди. Орта әсирлерде Мәўереннаҳр ҳәм Хорасанда жетисип шыққан уллы илимпазлар дүньялық прогресстиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Қалаберди, Аўғанстанның Ҳират қаласы уллы ойшыл шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Мир Әлийшер Наўайы туўылып камалға келген ҳәм жерленген мәкан. Қабулда болса және бир темурийзада, шах ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бобур жерленген. Бундай мысалларды көп келтириў мүмкин.
Аўғанстан бир ўақытлары басқа еллер, атап айтқанда, Орайлық Азиядағы қоңсылары сыяқлы тыныш ҳәм татыў ел еди. Сыртқы сиясат бойынша бийтәреплик, ҳәр қыйлы әскерий блокларға қосылмаў сиясатына турақлы әмел ететуғын еди. Жер асты байлықлары да аз емес. Өткен әсирдиң 70-жылларына шекем әжайып тәбийғый байлық, сийрек ушырасатуғын жергиликли санаат жеңил санааты, аўыл хожалығы өнимлери менен күн көретуғын еди. Ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллери бир аспан астында татыўлықта жасайтуғын еди.
Өткен әсирдиң 70-жылларының ақырынан баслап бул мәмлекет урыслар ишинде жасамақта, қаншадан-қанша бийгүна инсанлар қурбан болды. БМШтың Қашқынлар ислери бойынша Жоқарғы комиссарының тарқатқан мағлыўматларына бола, өткен жыллар даўамында 5 миллионнан аслам аўғанлар елдеги турақсызлық, қарама-қарсылық, жумыссызлық себебинен өз ўатанын таслап, эмигрантлыққа бет бурды. Өз ўатанының раўажланыўына үлес қосыўы мүмкин болған көплеген зыялылар мәмлекеттен бас алып кетти. Бүгин аўғанлар дүньяда ең көп тарқалған диаспора болып есапланады…
Егер сыртқы күшлер, әсиресе, дүнья сиясатында жетекшиликке талабан, өзиниң геосиясий мәплерин басқалардан үстин қойған мәмлекетлер Аўғанстанның ишки ислерине араласпағанда еди, бул жер бурынғыдай тыныш-татыў жасайтуғын еди. Өзбекстан Республикасының сыртқы ислер министри А.Комилов журналистлер менен сөйлесиўде атап өткениндей, «ҳақыйқатында да, аўған машқаласы бурыннан еки дүнья системалары арасындағы геосиясий қарама-қарсылықтың нәтийжеси болды. Өзбекстан Республикасы Президенти «урыс оты» аўған халқына сырттан алып кирилгенин ҳәм бул урыс халықтың таңлаўы емес екенлигин» ашық-айдын айтты. Ҳәзирги күнге шекем ири күш орайлары өз мәплери жолында Аўғанстанда соқлығыспақта. Машқалаға жаңа қатнасыўшылардың турақлы түрде тартылыўы аўған келиспеўшилигиниң мисли көрилмеген дәрежеде тереңлесиўине келди». Тилекке қарсы, Аўғанстандағы турақсызлық тек ғана Өзбекстан ҳәм регион емес, ал пүткил дүньяға қәўип салып атырғаны ҳақыйқат.
Мен журналист сыпатында бул мәмлекетке төрт мәрте дөретиўшилик сапар менен барғанман. Аўғанстанлылар өзбекстанлыларды айрықша ҳүрмет пенен күтип алады, бизиң еркин болып, раўажланыў жолында ерисип атырған жетискенликлеримизге ҳәўес пенен қарайды. Жәбиркеш аўған халқы биздей тыныш-татыў жасаўды әрман етеди. Өзбеклерде «қоңсың тыныш – сен тыныш» деген мақал бар. Аўған халқында бул мақал сол мәниде белгили. Сапарлар тийкарында аўғанлар биз бенен сәўбетте ири-ири мәмлекетлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер Аўғанстан машқаласын додалап атырғанда ҳәм шешиў жолын излеп атырғанда аўған халқының сиясий ерк-ықрарын, ҳәр қыйлы этникалық ҳәм сиясий-диний топарлардың қарасларын есапқа алыўы зәрүр екенлигин айтады.
– Бизге, деген еди шибирғанлы Оқо Муҳаммад, енди қурал-жарақ емес, қәлем, дәптер ҳәм китап керек!
Ҳақ гәп! Барлық жәмийетте «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» турғанында, ҳәр қандай мүшкилди шешиў мүмкин еди. Бирақ тилекке қарсы, Аўғанстан шараятында ондай болмады.
Өзбекстан бул қоңсы елге экономикалық жақтан бийғәрез жәрдем бериўден тысқары, оның машқаласын тыныш сиясий жол менен шешиў бойынша көп мәрте баслама көрсетип келген. «6+2» сөйлесиў топары мәжилислериниң Ташкент қаласында өткерилип атырғанынан хабарымыз бар. 2018-жылы март айында Ташкентте Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги тынышлық конференциясы өткерилди ҳәм оның жуўмағында «Ташкент декларациясы» қабыл етилди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев буннан еки жыл бурын, (2019-жыл, ноябрь) Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўында «Аўғанстан регионымыздың ажыралмас бир бөлеги болып есапланады. Бул мәмлекетке тынышлық ҳәм раўажланыў жолына исенимли қәдем қойыўы ушын жәрдем бериў ҳәммемиздиң улыўма мәплеримизге толық сәйкес келеди» деп атап өткен еди.
Аўа, Өзбекстан аўған халқына бәрқулла қайырқом болып, жәрдем берип келмекте. Бизиң Аўғанстан менен улыўма шегарамыз бар. Биз көп әсирлик уқсас тарийхқа ийемиз, халықларымыздың тәғдири бир-бири менен тығыз байланыслы. Президент Шавкат Мирзиёевтиң айтыўы бойынша, «мың жыллар даўамында Өзбекстан ҳәм Аўғанстан халықлары бирдей мәдений-прогресс мәканында раўажланған». Соның ушын, биз, әлбетте, Аўғанстанда жасаў нормал ағымға кириўинен, экономикасы тиклениўинен мәпдармыз.
Кейинги 3-4 жыл даўамында Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында транспорт-логистика, энергетика, саўда, мәденият, билимлендириў тараўларында еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў жолында исенимли қәдемлер тасланды ҳәм унамлы нәтийжелер де қолға киргизилди. Буннан бир неше жыл бурын болса, Өзбекстан Аўғанстан ушын стратегиялық әҳмийетке ийе блған жойбарды әмелге асырды, яғный «Хайратон-Мозори Шариф» темир жолының 75 километрин қурып берди. Өзбекстан, сондай-ақ, бул мәмлекетке электр жеткерип бериў тармағы ҳәм автомобиль жоллары, көпирлер қурыўда жақыннан жәрдем берди. Термизде Аўғанстан жасларын оқытыў орайы, жаңа бажыхана терминалы, логистика орайы ашылды. «Мозори Шариф – Ҳирот» темир жолының жойбарын әмелге асырыў режеси де бар. Президентимиз «Мозори Шариф – Кабул – Пешовар» темир жолының жойбарын «Әсир жойбары» деп тәрийплеген еди. Аўғанстан менен товар алмасыў көлемин жақын арада 2 миллиард долларға жеткериў имканиятлары бар. Жуўмақлап айтқанда, Өзбекстан кейинги үш жылда региондағы интеграция процесслери, бирге ислесиў ҳәм дослық орталығын жаратыўда ҳақыйқый драйвер екенин дәлилледи. Барлық жақсы режелерди әмелге асырыў мүмкин, егер, Аўғанстан жеринде тынышлық орнатылса…
Өзбекстан аўған халқына ҳәмийше адамгершилик жәрдемин жеткерип келген. Бир ай алдын бул мәмлекетте коронавирус эпидемиясынан азапланып атырғанларға Өзбекстан мың дана кислород баллонларын жиберди. Өткен жылы да елимиз басшысының атынан қайырқомлық поезды менен коронавирусқа қарсы гүресиўде зәрүр болған медициналық нықаплар, қорғаныў комбинизонлары, кеселликти анықлаўға жәрдем беретуғын тепловизор, пирометрлер, сондай-ақ, кийим-кеншек, ун, май, гүриш ҳәм басқа да өнимлерден ибарат адамгершилик жүги Мозори Шарифке жиберилди.
Бир нәрсени умытпаў керек, Аўғанстан да Өзбекстан сыяқлы көп миллетли ел. Ол жерде пашту, тәжик, түркмен, хазора, балуш ҳәм басқа да халықлар менен бирге көп миллионлы өзбеклер жасайды. Олар да Аўғанстанда болып атырған сиясий-әскерий процесслердиң тыныш жол менен шешилиўинен мәпдар. Өзбекстан Респубикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Ташкент қаласында «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» атамасында өткерилетуғын халықаралық конференцияда Аўғанстанда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселеси ең әҳмийетли мәселе сыпатында додаланыўы әйне ҳақыйқат болып табылады.
Шоқаҳҳар САЛИМОВ,
сиясий шолыўшы.
ӨзА