Соңғы жыллары мәмлекетимизде ҳәр тәреплеме пуқта ойланған нәтийжели сыртқы сиясат алып барылмақта. Әсиресе, соңғы 4-5 жылдың ишинде бул бағдарда жүз берип атырған ѳзгерислер, жаңланыўлар, жаңаша кѳзқарас пенен тасланып атырған исенимли қәдемлер сыртқы сиясатымызда да жаңа тарийх бетлериниң ашылыўына тийкар жаратпақта. Әлбетте, бундай ийги мақсетлер астында халқымыздың кѳп әсирлик тарийхы, мәденияты, үрп-әдет, дәстүрлери, арзыў-нийетлери жәмленген.
Әсиресе, бүгин Өзбекстан―Түркия арасындағы сиясий,экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы ѳз-ара бирге ислесиўди және де тереңлестириў жолында үлкен тарийхый бурылыслар жүз бермекте. Түркия дүньядағы 200 ден аслам мәмлекетлер ишинде Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлигин биринши болып тән алған мәмлекет болып есапланатуғынын атап өтиў орынлы. Бүгин де ѳзбек ҳәм түрк халықлары арасындағы дослық, туўысқанлық қатнасықлары және де беккемленип, барған сайын үлкен дараққа айланбақта.
Кѳркем ѳнер ҳәм мәденият әзелден инсанлар қәлбине жақсылық урығын сеўип, мудамы ийги мақсетлерге қарай баслап келген. Ҳәр бир халықтың мәденияты ҳәм кѳркем ѳнери сол халықтың тарийхы ҳәм бүгининен сѳз етип қоймай, басқа халықлар менен байланыстырыўшы кѳпир ўазыйпасын атқарып келген. Бүгин ѳзбек ҳәм түрк халықлары арасындағы мәдений, дослық ҳәм дѳретиўшилик байланыслар да барған сайын беккемленип, тамыр жаймақта. Мәденият тараўының түрли бағдарларында әмелге асырылып атырған фестиваль, таңлаў ҳәм форумлар, кѳргизбелер, мәдений илажлар сѳзимиздиң дәлийли. Солардың бири усы жылдың 1―17-июль күнлери Түркия мәмлекети Мәденият ҳәм туризм министрлиги, Түркия мәмлекетлик театрлары басламасы менен Түркияның Трабзон қаласында болып ѳткен XXI «Қаратеӊиз» халықаралық театрлар фестивалы болып табылады. Ҳәр жылы дүньяның түрли мәмлекетлериниң театр дѳретиўшилери қатнасатуғын бул фестивальға быйыл бизиң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти де табыслы қатнасып қайтты.
Елимизге белгили кѳркем ѳнер шеберлери, талантлы жас актёрлар, тәжирийбели театр қәнигелеринен ибарат қарақалпақстанлы делегация ағзалары 1-июль күни Нѳкис халықаралық аэропортынан Түркияға қарай жол алды. Әлбетте, сапарға атланған дѳретиўшилик жәмәәттиң ҳәр бириниң жүрегинде күшли толқынланыў бар. Өйткени, бираз жыллық тәнепистен соң, яғный 2008-жылы Түркменстан Республикасы ҳәм 2009-жылы Египет қаласында болып ѳткен халықаралық театрлар фестивалынан кейинги театр жәмәәтиниң гезектеги халықаралық фестивальға қатнасыўы еди. И.Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортынан кѳтерилген ушар кеме 2-июль күни Түркия халықаралық аэропортына келип қонды. Усы күни делегация ағзалары Трабзон қаласына барып, «Zorlu Grand Hotel» мийманханасына жайластық. Бизди Түрк мәмлекетлик театрлары бас директоры Мустафа Курт ҳәм Трабзон мәмлекетлик театрының жәмәәти менен басқалар жақсы күтип алды. Сол күни биз бул күтип алыўшылар менен биргеликте түрк ҳәм қарақалпақ театр көркем ѳнери, алдағы режелер, дѳретиўшилик бирге ислесиў бойынша ѳз-ара пикир алысып, жақыннан танысып алдық.
Трабзон Түркияның Арқа-Шығысында Қаратеңиз бойында жайласқан шырайлы, гѳззал тәбияты менен аты шыққан қалалардан бири. Эрамыздан бурынғы 600-жылларда қурылған бул қала ѳзине тән мәденияты менен адамлардың дыққатын ѳзине қаратқан. Жүзинен мудамы күлки арымаған Қаратеңиз халқының кеңпейиллиги, миймандослығы бизди де ѳзине тартты. Трабзон қаласы ҳәзирде Түркияның сүйип желинетуғын ҳамси балығының ўатаны екен. Ҳамси балығы Трабзондағы ҳәр бир шаңарақтың дәстурханының тѳринен орын алған тағамларының бири екен. Бул тағамлардан дәм татыў бизге де несип етип, трабзонлылардың миймандослығына тәсийин қалдық.
Ҳәр жылы өткерилетуғын «Қаратеңиз» халықаралық театр фестивалын өткериўден тийкарғы мақсет – Түркия театрлары менен биргеликте дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген дөретиўшилик жәмәәтлери арасындағы дослық ҳәм мәдений, дөретиўшилик байланысларды беккемлеў ҳәм келешекте бирге ислесиўди жолға қойыў болып табылады. Бул фестивальға бүгинги күнге шекем дүньяның түрли еллеринен 115 мыңнан аслам театрлар қатнасқан. Қатнасыўшы театрлар ҳәм тамашагөйлер санының жылдан-жылға артып барыўы өткерилип атырған илаждың әҳмийети үлкен екенлигинен дәрек береди. Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде өткерилген түрли илажлар, ушырасыўлар ҳәм шеберлик сабақлары қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты. Быйыл бул театр фестивалына Трабзон, Анкара, Коня, Бурса ҳ.т.б мәмлекетлик театр жәмәәтлери ѳзлериниң ең сайланды дөретпелери менен қатнасты.
Түркия театр кѳркем ѳнери узақ тарийхқа ийе. Халық дѳретиўшилигиниң дәстүрий кѳринислери болған қуўыршақ театры менен майдан тамашалары профессионал түрк театрының тырнағын қалады. Ўақыт ѳтип түрк жазыўшылары да пьесалар жаза баслады. Белгили түрк дѳретиўшиси Ибраҳим Шиносийдиң «Шайырдың үйлениўи» атлы комедиясы түрк театры турмысында үлкен бурылыс жасады. Түркияда 1908-жылдан соң ғана профессионал ҳәм ҳәўескерлик театрлары шѳлкемлестирилип басланады. Стамбул, Измир, Бурса, Адана ҳәм Анкара қалаларында театр имаратлары қурылады. 1914-жылы Стамбулда «Дорулбадияи Усмония» атлы театр ашылады. Ол түрк театр көркем ѳнериниң раўажланыўына үлкен түртки болды. 1927-жылы усы театрға басшылық еткен Мухсин Ертуғрул биринши балалар театрын да шѳлкемлестиреди. 1949-жылы қәд кѳтерген Мәмлекетлик театрдың Анкара, Стамбул, Измир, Бурса қалаларында 18 турақлы сахнасы болып, жылына 100 ге шамалас шығармалар сахналастырылады. Түркияда 1951-жылы «Киши сахна» атлы туңғыш жеке театр ашылады. Оннан соң «Чийир сахна», «Киссе театры», «Муаммар Қарача»,» Стамбул опереттасы» сыяқлы жеке театлар жумыс баслайды. 1982-жылдан баслап Стамбулда «Ходи Чаман Йедитепа ойыншылары», «Энис Фосфороўғли» театры, «Хўдри Майдан» мәденият орайы ҳәм Анкарада «Анкара кѳркем ѳнер» театры жумыс баслайды. Бүгинги күнде де Түркияда кѳплеген профессионал театрлар жумыс алып бармақта.
Дѳретиўшилик жәмәәтимиз бенен фестивальдың дәслепки күнинде Анкара мәмлекетлик театр жәмәәтиниң «Бизиң Юнус» атлы моно спектаклин ҳәм Қаратеӊиз бойында жайласқан ашық сахнада Трабзон мәмлекетлик театры жәмәәтиныӊ «Қорқыт ата» спектаклин тамашаладық. Түрк актёрлары ҳәм режиссёрларының шеберлиги бизде айрықша тәсир қалдырды. Әсиресе, «Бизиң Юнус» спектаклинде бир актёр ойнайды ҳәм қаҳарманның ишки кеширмелерин шеберлик пенен кѳрсетип, спектакль даўамында бир ғана актёр пүткил тамашагѳйди услап турыўының ѳзи үлкен жетискенлик, әлбетте.
Биз де тойға қуры бармадық. Фестиваль шѳлкемлестириўшилери тәрепинен театр репертуарынан таңлап алынған Ш.Айтматовтың «Жәмийла» спектаклин саўға еттик. Бул шығарманы жас, талантлы режиссёр Марқабай Үсенов сахналастырып, кѳплеген табысларды қолға киргизип, тамашагѳйлердиң қәлбинен терең орын ийелеген еди. 4-5-июль күнлери еки күн қатарына Трабзон театрында қойылған бизиң «Жәмийла»мыз барлық фестиваль қатнасыўшылары, түрк тамашагѳйлериниң де жүреклерин жаўлап алды. Еки күн даўамында зал толы болды. Ҳәр бир сахнадан соң тамашагѳйлер тынымсыз қол шаппатлаўлар менен қоллап-қуўатлап турды. Сахна деген пирли орын. Қай жерде болмасын ол ― муқаддес сахна. Еки күн даўамында бизиң актёрларымыз сахна пирлерине сыйынып, бар ѳнерин, халқымызға тән батырлығы менен қайсарлығын түрк туўысқанларға шеберлик пенен кѳрсете алды. Әсиресе, бас қаҳарманлар Жәмийла менен Даниярдың рольлерин театрдың жас, талантлы актёрлары Мийригүл Мәмбетмуратова менен Азиз Назарымбетовлар кәмине келтирип атқарды. Сейит пенен Оспан ролин ойнаған Дастан Баймурзаев пенен Айдос Муратбаевлар да бар шеберлигин иске салып, тамашагѳйлердиң «aferin» яғный «бәрекелла» сына бѳленди. Спектакльден соң Өзбекстан халық артисти Мырзагүл Сапаеваның атқарыўындағы қарақалпақ халық қосықлары бәршеде қарақалпақ кѳркем ѳнерине деген меҳирди, ықласты оятты. Буннан соң бизге Түрк мәмлекетлик театрлары бас директоры Мустафа Курт тәрепинен фестивальда жоқары дәрежеде қатнасқанлығы ушын арнаўлы диплом ҳәм «Қаратеӊиз» XXI халықаралық театрлар фестивалының рәмзи, Трабзон қаласының альбом китаплары саўға етилди. Бул хошамет бизиң дѳретиўшилеримизге илҳам-йош бағышлап, жигерлендирди. Биз де ѳз гезегинде қарақалпақ миллий кийимлери менен китапларымыздан оларға саўға еттик.
Хошамет ҳәм сыйлықлаўлардан соң жәмәәтимиз бенен Тразбон қаласындағы тарийхый орынларды барып кѳрдик. Түркия мәмлекети Мәденият ҳәм туризм министрлиги тәрепинен мәдений мийрас объектлери менен танысыў ушын туристлик саяхат шѳлкемлестирилди.
Тразбон Анадолуда түрклери тәрепинен яғный 1461-жылы Фатиҳ Султан Меҳмет тәрепинен басып алынған ең соңғы орынлардан бири екен. Трабзондағы бой тиклеген тарийхый естеликлерден бири бүгинги күни музейге айландырылған Аясофия ширкеўи. Бул жер жергиликли тилде Трабзон Аясофиясы да делинеди. Бул тарийхый естелик Византияның пайтахты Стамбулдың 1204-жылы латынлар тәрепинен басып алыныўы нәтийжесинде Трабзонға қашып келген 1-Мануэл тәрепинен қурылған. Соңынан Фатиҳ Султан Меҳмет Трабзон Аясофиясын ширкеў сыпатында пайдаланыўға рухсат еткен. Ал, бул жерге шахзада пайытында ҳәкимлик еткен Султан Селим бул дәстүрди даўам еттирген. Ҳәзирги күнде Трабзон Аясофиясы музей сыпатында хызмет етпекте.
Трабзонның туристлерди ѳзине тартатуғын естеликлеринен бири Сумеладағы Мәрьям ана монастры. Мәрьям ана монастры Мачка районындағы Зигана таўының бийик тѳбелигинде жайласқан болып, узынлығы 1 200 метр. Бул жердиң әтирапын орап турған таў кѳриниси адамды сырлы әлемге шарлайды. Рәўиятларға қарағанда Грецияда еки руўханый бирдей түс кѳреди. Екеўиниң де түсине Мәрьям ана менен Иса пайғамбардың сүўрети кѳринеди. Олар бул сүўретти Трабзонда деп ойлап, Грециядан Трабзонға жол алады. Бир-биринен хабарсыз еки руўханый Сумелада ушырасып қалады ҳәм түслерин бир-бирине айтып береди. Соң олар усы жерде бул монастрды қурады. Бул монастр 1923-жылға шекем монастр сыпатында пайдаланылған. Ҳәзирги күнде бул жер музейге айланып, жергиликли ҳәм шет елли туристлерге хызмет кѳрсетпекте.
Әлбетте, ҳәр елдиң ѳзине тән үрп-әдет, дәстүрлери, бай мәдений мийраслары бар. Биз де Трабзонға болған сапарымыз даўамында түрк халқының мәденияты, кѳркем ѳнери, тарийхый орынлары, театр кѳркем ѳнери, дѳретиўшилик дүньясы менен жақыннан танысыўға ҳәрекет еттик. Ең баслысы, биз де ѳз ѳнеримизди, қарақалпақ халқының миллий кѳркем ѳнери менен мәдениятын кѳрсетиўге миясар болдық. Түркиялы туўысқанлар менен Нѳкисте кѳрискенше деп хошласып, Трабзонға болған дѳретиўшилик сапарымызды жуўмақладық.
7-июль күни Нѳкиске жетип келдик. Сәтли жуўмағына жеткен сапарымыз бизге руўхый азық болып, жаңадан-жаңа басламалардың басланыўына түртки берип, алдағы ўақытта түркиялы ҳәм қарақалпақстанлы театр кѳркем ѳнери дѳретиўшилериниң бирге ислесиўине кең жол ашты.
Қалбай ТУРДИЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри
Қарақалпақстан хабар агентлиги