Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде “Ғайратдин Хожаниязов  пидайы археолог илимпаз” атамасында илимий семинар  өткерилди.

Илаж қатнасыўшыларына Ғ.Хожаниязовтың өмири ҳәм дөретиӯшилик жумысларын сәўлелендириўши ҳүжжетли  фильм қойып берилди.

Буннан соң, жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларының «Ғайратдин Хожаниязовтың  өмири ҳәм жәмийетлик  белсендилиги», «Қубла  Аралбойы археологиясын  дүньяға таныткан  илимпаз»  атамаларындағы  баянатлары  тыңланды.

-Бүгинги семинарда оның кәсиплеслери, нураний устазлар, профессор-оқытыўшылар, илимпазлар Ғ.Хожаниязовтың дала изертлеӯлери жумысларындағы пидайылығы, археологиялық изертлеӯлер тараўына қосқан бийбаҳа үлеслери туўралы кең түрде сөз етти, –  дейди музей хызметкери Э.Дәўирханова.

Илимий семинар қатнасыўшылары музейдиң археология залында Ғайратдин Хожаниязовтың дөретиўшилигине арналып шөлкемлестирилген көргизбени тамашалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Макаланың сүўретлери  М.ҲАБИБУЛЛАЕВ  тәрепинен түсирилген