Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Превентив дипломатия орайының басламасы менен Өзбекстан, Аўғанстан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан ҳәм Тәжикстан сыртқы ислер министрлериниң виртуал форматтағы сөйлесиўлери болып өтти.
Ушырасыўда Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан арасындағы сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық қатнасықларды және де раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери додаланды.
Халықаралық терроризм қәўип-қәтерлерине қарсы биргеликте гүресиў, Орайлық Азия мәмлекетлери тәрепинен бул бағдарда әмелий ҳәрекетлерди ислеп шығыў әҳмийетли екенлигине де итибар қаратылды.
Атап өтилиўинше, Аўғанстанның регионаллық интеграция процесслерине кеңнен тартылыўы мәмлекетте турақлы ҳәм узақ мүддетли тынышлыққа ерисиўге жәрдем береди.
Видеоконференцияда аўған кризисин тыныш жол менен шешиў, мәмлекеттиң экономикасын тиклеў және сиясий процесслерди раўажландырыўда аўған халқының жетекшилик роли принципин ҳүрмет етиў бойынша регионаллық ўазыйпаларды белгилеп алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, 15-16-июль күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық байланыслылық. Қәўип-қәтерлер ҳәм имканиятлар» темасындағы халықаралық конференцияның әҳмийети ҳаққында сөз етилди.
Регион мәмлекетлериниң жәрдеми менен Аўғанстан аймағында энергетика, транспорт-коммуникация тараўларында түрли инфраструктура жойбарларын әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў даўамында Аўғанстанға жәрдем бериў, соның ишинде, пандемия дәўиринде гуманитарлық жәрдем көрсетиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы