Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызметиниң бүгин, 5-июль күни болып өткен дәстүрий брифингинде Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов Жаслар күни илажларының жуўмақларына да тоқтап өтти.
30-июнь күни мәмлекетимиздеги үлкен байрамлардан бири – Жаслар күни. Әсиресе, быйылғы Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылында бул байрамның әҳмийети еки есеге артты, деп айтыў мүмкин.
Сонлықтан да, 30-июнь күни болып өткен Өзбекстан жаслары ҳәм студентлери форумына Президентимиз жеке өзи қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысының жасларға итибарын Ботаника бағында шөлкемлестирилген ҳәр бир көргизбе жанында тоқтап, оқыўшы ҳәм студентлер менен ўақытларын аямастан сөйлескенлигинен билиўге болады. Бундай жыллы жүзлиликти көрип, жаслар да өз пикирлерин, идеяларын биймәлел айтты. Президентимиз олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша усы жердиң өзинде басшыларға тапсырмалар берди.
Салтанатлы мәресимде мәмлекетимиз басшысы барлық жасларды байрам менен қутлықлап, баянат жасады. Бул жаслар мәселеси бойынша ең әҳмийетли ўазыйпалар көрсетилген концептуал баянат болды, деп айтыў мүмкин. Онда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жети, билимлендириўди раўажландырыў бойынша үш, әдеп-икрамлылық, мәденият ҳәм спорт мәселелери бойынша бес тийкарғы әҳмийетли бағдар белгилеп берилди.
Енди бул үлкен ўазыйпалар бойынша жаңа бағдарлама ҳәм қарарлар қабыл етиледи, – деди Шерзод Асадов.
ӨзА