Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 1-июль күни мәмлекетлик активлерди меншиклестириў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилигин ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Меншиклестириў – әҳмийетли экономикалық илажлардан бири. Бул тек ғана бюджетке түсимди тәмийинлеп қоймастан, ал жаңа инвестициялық жойбарлар, жумыс орынлары ҳәм қосымша қун ушын тийкар болып хызмет етеди. Себеби исбилерменликтиң раўажланыўы ушын ең зәрүр шараят, бәринен бурын, жер, имарат ҳәм инфраструктура болып есапланады.

Соның ушын меншиклестириў мәселеси экономикалық реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленген. Быйылғы ҳәм келеси жылы мәмлекетлик үлеси болған кәрханалардың санын кеминде 3 есеге қысқартыў бойынша жумыс алып барылмақта. Бул реформалар дүньядағы абырайлы экспертлер ҳәм ғалаба хабар қураллары тәрепинен де тән алынбақта.

2020-жылы 27-октябрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды реформалаўды жеделлестириў және мәмлекетлик активлерди меншиклестириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди. Бул бағдардағы жумыслар өзиниң нәтийжесин берип, усы жылдың биринши ярымында 478 мәмлекетлик мүлк 1 триллион 100 миллиард сумға сатылды.

Бирақ, бул бағдардағы исленетуғын жумыслар еле көп. Атап айтқанда, сатылыўы белгиленген 556 мүлктен 288 и саўдаларға шығарылмаған. Сондай-ақ, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм банклер еркинде олардың тийкарғы жумысына тән болмаған 511 объект елеге шекем сатылмастан тур.

Мәжилисте меншиклестириў процесин нәтийжели шөлкемлестириў, аукционда қатнасыў тәртиплерин әпиўайыластырыў ҳәм қатнасыўшылардың санын көбейтиўге қаратылған ўазыйпалар додаланды.

Атап өтилгениндей, усы жылы 900 ден аслам мәмлекетлик мүлк сатыўға қойылады. Енди мәмлекетлик мүлклерди «1 сум» баҳада саўдаға шығарыў, жер участкаларын инвестициялық миннетлеме менен сатыў әмелияты бийкар етиледи ҳәм олар базар баҳасында электрон саўдаларға шығарылады.

Буннан тысқары, онлайн аукционда қатнасыў ушын төлемлер бийкар етиледи ҳәм исбилерменлерге электрон дизимнен өтиў қәрежетлери Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен қаплап бериледи. Аукционда мүлкти сатып алғанда төлеў мүддети ҳәзирги 5 күннен 15 күнге шекем создырылады.

Буннан былай мәмлекетлик үлес 50 проценттен жоқары болған шөлкемлердиң имарат-объектлери, транспорт қуралларын сатыў ҳәм ижараға бериўди тек ғана электрон аукцион арқалы әмелге асырыў тәртиби енгизиледи.

Жуўапкерлерге бул жаңа тәртиплерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

Ташкент қаласындағы 13 ири көшпес мүлк объекти және 11 тармақ кәрханаларындағы мәмлекетлик үлеслерди сырт ел консультантларын тартқан ҳалда сатыўға шығарыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлерине өз ўәкиллигиндеги 154 бос турған объектти бир ай мүддетте саўдаға шығарыў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәкимликлер тәрепинен сатыўға шығарылған мүлклер сатылғанда, аймақлар еркинде қалатуғын қаржылардың үлеси 73 проценттен 87 процентке арттырылатуғын болды. Бул қаржылар ўәлаят ҳәм районлар (қала) бюджетлери арасында тең бөлистириледи.

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине мәмлекетлик кәрханалар және банклердиң тийкарғы жумысқа тән болмаған ҳәм бос турған объектлерди толық қайтадан хатлаўдан өткерип, оларды меншиклестириўге таярлаў бойынша тапсырма берилди.

Ислемей турған ямаса зыян көрип ислеп атырған кәрханалардың финанслық жағдайын жақсылаў ҳәм модернизациялаў бойынша усыныслар додаланды.

 

ӨзА