1. «Библия»

Дүньядағы еӊ көп оқылған китап. Ол дүньяныӊ 2000 тилине аўдарылған  ҳәм 3,9 миллиардқа шамалас нусқада басып шығарылған. Христианлардың муқаддес жазыўы әллеқашан 4000 жаста, лекин ҳәр жылы ол дүньядағы еӊ белгили китаплардыӊ биринши орнын ийелеп келмекте.

 

  1. «Цитаты Мао Цзэдун». Мао Цзэдун

«Мао Цзэдуннан алынған сөзлер». Мао Цзэдун

Бул китап жәми 820 миллион нусқада басып шығарылған.

 

  1. «Гарри Поттер». Джоан Роулинг

Ж.К. Роулингтиӊ китаплары жаслар арасында еӊ көп оқылатуғын китаплар қатарына киреди. Бул китап 20 жыл даўамында шама менен 400 миллион нусқада басып шығарылған.

 

  1. «Властелин колец». Дж. Р. Р. Толкин

Роман 103 миллион нусқада сатылған ҳәм дүньядағы еӊ көп оқылатуғын китаплардан бирине айланған.

 

  1. «Алхимик». Пауло Коэльо

Китап дүньяныӊ 67 тилине аўдарылған, оны дүньяныӊ 117 мәмлекетиниң халқы оқыған ҳәм 65 миллион нусқада сатылған.

 

  1. «Код да Винчи». Дэн Браун

“Да Винчи коды”. Дэн Браун

Бул китап 44 тилге аўдарылған ҳәм 57 миллионнан аслам нусқада сатылған.

 

  1. «Сумерки. Сага». Стефани Майер

Дүньяда еӊ көп оқылған вампир романы. Ол дүньяныӊ 37 тилине аўдарылған ҳәм 43 миллион нусқада сатылған.

 

  1. «Унесенные ветром». Маргарет Митчелл

Бул китап 50 жыл даўамында шама менен 33 миллион нусқада сатылған.

 

  1. «Думай и богатей». Наполеон Хилл

Китап 30 миллион нусқада сатылған.

 

  1. «Дневник Анны Франк». Анна Франк  “Анне Франктиӊ күнделиги”. Анна Франк

Китап Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги жағдайларды сүўретлеп берген еврей қызы Анне Франктиӊ ҳақыйқый еске түсириўлерине тийкарланған. Сентиментал ўақыя дүньяныӊ 67 тилине аўдарылған ҳәм 67 миллионнан аслам китап сатылған.

 

Азизбек Дабылов,

Райхан Даниярова

ҚМУ, Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс студентлери

Қарақалпақстан хабар агентлиги