Әзиз дослар!
Ең дәслеп, машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип ийелери – баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин, барлық журналистлеримизди, тараў пидайылары ҳәм ветеранларын кәсиплик байрамыӊыз – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз.
Халқымыз Сизлерди терең пикирлейтуғын, билимли, жоқары инсаныйлық пазыйлетлери ҳәм өзине тән мәденияты менен ажыралып туратуғын, өз өмирин инсанлардыӊ қуўанышлары менен тәшўишлерин бөлисиўге, олардыӊ машқалаларын шешиўге бағышлаған машақатлы ҳәм саўаплы кәсип ийелери сыпатында қәдирлейди ҳәм айрықша ҳүрмет етеди.
Соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында мәлимлеме тараўын реформалаў, мәлимлеме ҳәм сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараў пидайыларыныӊ мийнетлерин мүнәсип хошаметлеў мәселелерине жоқары итибардыӊ қаратылыўы – бул дөретиўши инсанлардыӊ тереӊ излениўлер алып барып, дәўир талабына сай жумыс ислеўине беккем тийкар болмақта.
Бул бағдарда Сизлердиӊ тынымсыз хызметлериӊизди, әсиресе турмысымызда жүз берип атырған тарийхый өзгерислер менен жаӊаланыўларды инсанларға қалыс жеткериў, жасларымыздыӊ қәлбинде ана-Ўатанымызға, халқымызға деген садықлық сезимлерин тағы да күшейтиў, оларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, орынларда ушырасып атырған машқалаларға мәмлекетлик уйымлар менен кеӊ жәмийетшиликтиң итибарын қаратыў, оларды сапластырыў жолында алып барып атырған дөретиўшилик мийнетлериңизди жоқары баҳалаймыз.
Өзлериӊиз жақсы билесизлер, Ҳүрметли Президентимиз өткен жылдыӊ 29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине жоллаған Мүрәжатында ашық-айдынлық ҳәм сөз еркинлиги бул – дәўир талабы екенлигин, сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, журналист ҳәм блогерлердиң еркин жумыс ислеўи ушын ҳуқықый тийкарлардыӊ және де күшейтилетуғынлығын айрықша атап өтти.
Ҳақыйқатында да, елимиз раўажланыўдыӊ жаӊа басқышларына көтерилип атырған бүгинги күнде ғалаба хабар қуралларыныӊ дәўир менен теӊ қәдем таслаўын тәмийинлеў, тараўдағы реформаларды және де тереӊлестириў, электрон мәлимлеме тарқатыў системасын раўажландырыў, баспасөз ҳәм мәлимлеме тараўының сапасын ҳәм тәсиршеңлигин арттырыў оғада әҳмийетли мәселелерден саналады.
Өйткени, мәмлекет ҳәм жәмийет арасында сапалы пикирлесиўди жолға қойыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў, халыққа оператив, қалыс ҳәм исенимли мәлимлемелерди жеткерип бериў – инсанларды турмыстан разы етиўдиӊ әҳмийетли өлшемлеринен бирине айланып бармақта.
Турақлы излениўди талап ететуғын бундай машақатлы ҳәм жуўапкерли исте Сизлердиӊ билим ҳәм тәжирийбеӊизге, пидайылығыӊыз бенен жанкүйерлигиӊизге, халқымызға ҳәм ана-Ўатанымызға садықлық пенен хызмет ететуғыныӊызға беккем исенемиз.
Әсиресе елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы кеӊнен белгилениўи күтилип атырған быйылғы жылда халқымызды және де уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырыў жолындағы ийгиликли ислериӊизди жоқары баҳалаймыз.
Тийкар салынғанына быйылғы жылы 90 жыл толып атырған Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы ҳәмде «Қарақалпақстан жаслары» газетасыныӊ мийнет жәмәәтлерине, жарық көргениниӊ 75 жыллығын кеӊнен белгилеп атырған районлық «Халқ минбари» ҳәмде «Мийнет байрағы» газеталарыныӊ дөретиўши инсанларына, 50 жылдан берли өз оқыўшыларына ийе болып киятырған «Қанлыкөл хабарлары» газетасыныӊ ҳәмде бир қатар тараўлық басылымлардыӊ пидайылары менен турақлы оқыўшыларына өзимиздиӊ жоқары ҳүрметимизди билдиремиз.
Қәдирли дослар!
Бәршеӊизди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, пайыз ҳәм берекет, дөретиўшилик жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев