Елимизде ҳәр жылы 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба қураллары хызметкерлери күни сыпатында белгиленип өтиледи. Усы мүнәсибет пенен «Жеткиншек» газетасының жуўаплы хаткери, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Дарийха Уббиниязова менен кәсиплик байрам алдынан сәўбетлесип, газетада мийнет еткен кексе әўлад ўәкиллери ҳәм газетадағы өзгерислер, газетаның балалар турмысындағы әҳмийети, балалар газетасының басқа басылымлардан айырмашылығы ҳәм газета оқыўшыларының бүгинги күндеги талғамы ҳаққында сәўбетлестик:
– Республикамыз балалары ҳәм жас өспиримлериниң латын графикасында шығып атырған бирден-бир басылымы болған «Жеткиншек» газетасы 90 жылға шамалас тарийхқа ийе. Газета ҳәр қандай дәўирде де, талай-талай асыўлардан асып, усы күнге шекем үзликсиз шығып келмекте. Бул газетаның балаларымыз, келешек әўлад ушын беретуғыны көп. «Жеткиншек»тен қаншадан-қанша талантлы, елимизге белгили, ел сүйген, халық әдиўлеген уллы инсанлар: Н.Жапақов, Х.Сапаров, Ә.Тәжимуратов, П.Еденбаева, Ә.Атажанов, М.Якупов, И.Султанов, Ә.Аманов, К.Назбергенов, Қ.Бегжанов, Ә.Тәжибаев, М.Нызанов, К.Кәримов, О.Әбдирахманов, Я.Әжимов ҳәм тағы басқа инсанлар жетилисип шыққан.
Газета-бәрқулла жас әўлад ушын тәрбия хызметин атқарып келмекте. Талантлы, шайыр журналист «Дўстлик» ордениниң ийеси Гүлнара Нурлепесова бас редактор болып ислеген дәўирде газетаның көлемин 4 беттен 8 бет етип шығарыўға еристи. Материаллық-техникалық базасы жақсыланды. Ертеде жумыс алып барған «Дилўар» жас хабаршылар клубы 2005-жылы қайта жанландырылды. Клубтың «Жасы үлкен әўлад пенен ушырасыў» кешелери турақлы өткерилип барылды. Редакциямызда елимизге белгили уллы талант ийелери, кәсип маманлары, мол тәжирийбеге ийе елимиздиң мақтанышына айланған пидайы инсанлар, Өзбекстан Қаҳарманлары, белгили жазыўшы, шайыр, муғаллимлер, шыпакер, көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыў кешелери өткерилип келинбекте.
Бул, әлбетте, өз гезегинде өсип киятырған жас әўладтың ҳәр тәреплеме озық-ойлы болып жетилисиўине өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди. «Дилўар» жас хабаршылар клубы соңынан дөгерекке айланды. Ағзаларының саны артып бармақта. Талантлы жасларды излеп табыўда, оларды қоллап-қуўатлаўда редакция тәрепинен ҳәр жылы жылдың атамасына байланыслы таңлаўлар өткерилип, бүгинги күнге шекем даўам етип келмекте. Сонлықтан, ҳәр жылы жылдың жуўмағы шығарылып, жыл даўамында газета менен турақлы байланыста болып, дөретпелери жәрияланып ең жақсы деп табылған мийнетлери, ең көп хат жоллаған, ең көп басқатырма дүзген оқыўшылар «Ең, ең, ең…» номинацияларда жаңа жыл байрамы қарсаңында хошеметленип барылды. Ҳәр жылы «Жеткиншек»ке жазылыўды сапалы шөлкемлестириў мақсетинде таңлаўлар өткерилди. Соның нәтийжесинде Тахтакөпир районлық халық билимлендириў бөлими 1000 данаға толық бир жылға жазылып, компьютер менен сыйлықланып барылды. Нәтийжеде тахтакөпирли балалардың дөретиўшиликке болған ықласы артып, руўхый дүньясының байыўына өз тәсирин тийгизди. Районнан Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары Қ.Бегниязова ҳәм А.Жолдасбаевалар жетилисип шықты. Районда оларға ҳәўес еткен қаншадан-қанша оқыўшы-жаслар редакцияға хатларды «қардай боратты». Редакция тәрепинен өткерилип атырған илажларға, ушырасыў ҳәм таңлаўларға устазлары, ата-аналары менен келип, белсене қатнаспақта.
Г.Нурлепесованың жолын даўам еттирген марҳум инимиз Абдулла Ембергенов саррас он жыл, өмириниң соңғы демлерине шекем газетаға басшылық етип, көп ғана жумысларды әмелге асырды. Республикамыз балаларының талап ҳәм талғамын есапқа алып, газетаны реңли етип шығарыўға еристи. Алыс аўылларға барып, биргеликте мектеплерде ушырасыў кешелери, конференциялар өткерди. Ол балаларға ғамхорлық етип, айрықша итибар қаратты. Олардың газетаға болған қызығыўшылығы артып, балаларға меҳир бере алды.
«Жеткиншек» газетасының балалар турмысындағы әҳмийети соннан ибарат – бүгинги өсип киятырған жас әўладты дурыс жолға баслаў, олардың дүньяға болған жаңаша көзқарасын қәлиплестириў, ата-бабаларымыздың басып өткен өмир жолларына садықлық, ана-Ўатанға сүйиспеншилик, әтираптағыларға бийпарық болмаўға, ең баслысы руўхый дүньясының байып, кәмил инсан болып жетилисиўине өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди. Балалар газета менен жақыннан досласыўы арқалы жақсы менен жаманның парқын айырыўға, меҳир-мириўбетли, бир-биреўге иззет-ҳүрмет көрсетиў, жақсылыққа умтылып жасаў, ақыл-парасатлы, кәмил инсан болып жетилисиўине имкан таппақта.
Газетаның басқа басылымлардан айырмашылығы сонда, балалар менен ислесип атырған ҳәр бир хызметкерден, балажанлы болыўды, олардың ишки дүньясына жол табыўды талап етеди. Сонлықтан, «әй, ол бала-ғой»мынаўың болмайды. Сеннен ҳеш нәрсе шықпайды», деген сөзлерди айтып, оның жаңа жалынлап турған қәлбине «суў сепкендей» үмитсизликке берилиўине жол қоймаўымыз керек. Газета-тәрбия қуралы. Балаларға ғамхорлық, итибар, марапат керек. Мине, «Жеткиншек»тен қанат қомлап, илҳам-йош, нәр алған қаншадан-қанша жасларымыз өмирден, жәмийеттен өз орнын тапты. Себеби, «Жеткиншек» өз ўақтында қоллап-қуўатлады, көклерге көтерди, мақтаныш етти, оларға қанат берди. Газетаның басқа басылымлардан айырмашылығы да сонда.
Газета оқыўшыларының талғамы бүгинги дәўир менен тең қәдем атыў ҳәм соның менен бирге жақсылыққа, уллылыққа умтылып жасаў. Бул нәрселер олардың ҳәр бир дөретпелеринде сезилип турады. Дөретиўшилик әлеминде өзлериниң орнына ийе болып атырған оқыўшыларымыз талай ғана…
– Газетаның жуўаплы хаткериниң ўазыйпасы тийкарынан нелерден ибарат? Мийнет жәмәәтиңиз ҳаққында да айтып берсеңиз.
– Жуўаплы хаткер бөлим тәрепинен таярланған материалларды оқып шығады ҳәм бас редакторға усынады. Олардың өз ўақтында газетаға кетиўине тиккелей жуўапкер ҳәм оларды мазмунына қарай макетлестиреди. Хызметкерлер – сүўретши-художник, оператор, дизайнерлер менен тиккелей жумыс алып барады. Бөлимге, хабаршыларға берилген тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўын қадағалайды. Оқылған бетлердиң қәтелерин салыстырып, газета шығаман дегенге шекемги процессти қадағалайды. Газетаның мазмуны, сапасы ҳәм көркем болып шығыўына тиккелей жуўапкер болып есапланады.
Мийнет жәмәәтимизде 10 хызметкер ислейди. Соннан төртеўи хабаршы болып хызмет атқарады. Олар балалардың хатлары менен ислеседи, редакциямызға келген ҳәр бир жас өспиримди дыққат-итибардан шетте қалдырмайды. Өзлериниң жол-жобасын, мәсләҳәтин бериўден жалықпайды. Балалар менен баладай болып сәўбетлесиўге әдетленген.
– Бүгинги күнде интернет тармақлары жедел раўажланып бармақта. Тилекке қарсы, бул газета оқыўшыларының санының азайып кетиўине өз тәсирин тийгизбекте. Газетаның бүгинги жағдайы қандай?
– Бүгинги дәўир-илимий-техникалық прогресс дәўири. Ҳәр бир инсан дәўир менен тең қәдем атыўға ҳәрекет етпекте. Интернет тармақлары тез пәт пенен раўажланып бармақта. Бул балаларымыздың, жас әўладтың санасына тез сиңип атыр. Деген менен «Интернетти биз балаларға кери тәсир етип атыр, китап, газета-журнал оқығанды қойды. Олардың пүткил ой-қыялын ийелеп алды», деген пикирлерди, наразалықларды, ҳәр күни еситемиз. Мениң пикиримше, биз қаншама «болмайды» деп қадағалап айтқанымыз бенен пайдасы жоқ, «қадағалаған нәрсеге бала өш болады». Себеби, олар қызығыўшаң. Дурыс, бул нәрсе балалардың санасына сиңип барғаны менен екинши жағынан балаға өзиниң жасына, талғамына сай пайдалы нәрселерди алыўы керек. Әне, усы, нәрсени үйде ата-анасы қадағалаўы керек. Дәслеп, өзимиз балаларымызға қымбат баҳалы телефон, планшетлерди алып беремиз… Буған баланың китаптан, газетадан жырақласыўына, әлбетте, биз ата-аналар айыплымыз, оны мойынлаўымыз керек. Қымбат баҳалы телефон алыўға қурбымыз жетеди, ал китап алыўға, газетаға жазылыўға неге қурбымыз жетпейди? Буның менен мен барлық балаларды келешегине бийпәрўа деп айта алмайман. Сондай жасларымыз бар китап, газета оқып көплеген табысларды қолға киргизип, ата-анасының, устазларының, елимиздиң мақтанышына айланбақта.
Дурыс ҳәзирги ўақытта газета оқыўшыларының саны азайып кетиўине өткен жылдағы пандемия, жазылыў «мәжбүрий емес», деген түсиник, әсиресе, мектеплерде айырым басшылардың, устазлардың, ата-аналардың бала тәрбиясына, олардың келешигине немқурайлы қараўының ақыбетинде келип шықты. «Бирлесип көтерген жүк жеңил» дегениндей, «мектеп-шаңарақ-мәҳәлле» биргеликте жумыс алып барсақ, жас әўладтың жарқын келешеги ушын ҳадал хызмет етиў, оларды дурыс жолға баслаў, руўхый дүньясын байытыў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз екенлигин шын кеўилден сезиниўимиз керек. Ертеңги күннен үмитимиз көп. Себеби «Жеткиншек» елимиз балаларының сүйикли газетасы, ҳақыйқый жанашыры, сүйенери! Сонлықтан, газета бәрқулла балалар менен бирге.
– Кәсиплеслериңизге байрам тилеклериңиз…
– Бир мақсет жолында халқымыздың руўхый дүньясын байытыўда аянбай хызмет етип атырған баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен газета оқыўшылары ҳәм дөретиўшилик жәмәәтимиз атынан шын жүректен қутлықлаймыз. Шаңарақларына аманлық, дөретиўшилик жумысларында табыс тилеймиз.
Сәўбетлескен: Тәрбия Сейтназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы