Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилиси видеоконференцбайланыс тәризинде өз жумысын баслады. Мәжилисти Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.
Жалпы мәжилисте бир қатар мәселелердиң көрип шығылыўы режелестирилген. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў тараўындағы жумысты жетилистириў, Сенаттың Мәлимлеме сиясаты ҳәм мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселелери комитетин шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселелер усылардың қатарына киреди.
Сондай-ақ, «Рәсмий статистика ҳаққында»ғы, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы, «Судлар ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Жынайый ҳәрекеттен алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў тәртибиниң буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларының додаланыўы нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, Ташкент ўәлаятының Аққорған, Ахангаран, Бекабад, Бостанлық, Бука, Зангиата, Жоқары Шыршық, Қибрай, Паркент, Пискент, Орта Шыршық, Янгийўл районлары ҳәм Алмалық, Шыршық, Ангрен, Янгийўл, Бекабад қалаларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселениң көрип шығылыўы режелестирилген.
Қалаберсе, қан донорлығы тараўын раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында, ақаба суў тазалаў имаратларында жүзеге келип атырған машқала ҳәм кемшиликлердиң қорғашан орталық және халықтың саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораўлар жибериў ҳаққындағы мәселелердиң көрип шығылыўы нәзерде тутылған.
Нурилло НАСРИЕВ, ӨзА