Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен быйылғы «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырылыўы тийис тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў, әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерге оқытыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

 

Атап айтқанда, быйылғы жылдың 5 айы даўамында 10 мыңнан аслам жаслар, соннан, бос жумыс орынларына жайластырыў есабынан 6112, жаңа жойбарларды шөлкемлестириў есабынан 609, ўақытша жумысларға 3364 жас тартылған.

– 466 жасқа 1481 миллион сумлық субсидиялар ажыратыў арқалы бәнтлигине көмеклесилди. 470 жастың шөлкемлестирилген миграция арқалы бәнтлиги тәмийинленди. Жаслардың исбилерменлик ҳәм өнерментшилик бойынша жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 4037 жастың исбилерменлик жумыслары ушын 118 миллиард 261 миллион сумлық кредитлер ажыратылып, нәтийжеде 4228 жаңа жумыс орны жаратылды. Буннан басқа, кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик тийкарлары бойынша 5600 жас оқытылды,-дейди басқарма қәнигеси Нурбол Маратов.

Исбилерменлерге ҳәм өнерментлерге «Жаслар 1+1» жойбары тийкарында 3755, соннан, «Ҳәр бир исбилермен – жасларға мәдеткар» принципи тийкарында 2962, «Устаз шәкирт» дәстүри бойынша 793 жас бириктирилди.

Быйыл республикамыздың барлық қала ҳәм районларында жәми 44,2 гектар майданға ийе 18 «Жаслар санаат зона»ларын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Жаслар санаат зоналарында улыўма баҳасы 82,3 миллиард сумлық 77 жойбар жайластырылады ҳәм нәтийжеде 409 жаңа жумыс орынларының жаратылыўы күтилмекте.

Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бағдарында 5 баслама шеңберинде мәкемелерге 628  музыка әсбаплары ҳәм әнжамлары, 2636 спорт әнжамлары, 335 компьютер топламлары, 52021 дана көркем-әдебий китаплар, жәми 3599 дана инвентарлар ҳәм мебельлер жеткерип берилди.

Сондай-ақ, 5 баслама шеңберинде мәкемелерде 1144 жаңа дөгерек ҳәм секциялар шөлкемлестирилип, оларға 15 мыңнан аслам жас қамтып алынды.

Быйыл усы күнге шекем жасларға байланыслы 192 объект қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Атап айтқанда, 160 “Street Workout”, 16 Street bool” майданшасы, 2 спорт зал, 3 китапхана ҳәм “bookcafe”,  4 санлы оқыў орайы ҳәм 4 «Жаслар мийнет гүзары» иске түсирилди.

Жаслардың мүрәжатларын үйрениў, машқалаларын сапластырыў ҳәм оларды социаллық-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында да жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда бүгинги күнге шекем «Жаслар дәптери» қорына 9,3 миллиард сум қаржы қәлиплестирилген болып, усы қаржының 3,1 миллиард сумы жаслар ушын әсбап-үскенелер, емлениўи, материаллық жәрдем ҳәм контракт пулларын төлеп бериў ушын жумсалды.

Атап айтқанда, 159 жасқа 122 миллион сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем, 273 жасқа 531  миллион сум муғдарында исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге оқытыў, 15 жасқа 22 миллион сум муғдарында туқым ҳәм нәллер, 565 жасқа 1 миллиард 115 миллион сум муғдарында әсбап-үскенелер ҳәм мийнет қуралларын  сатып алыў, 69 жасқа 233 миллион сум муғдарында ЖОО контракт төлеми, 11 жасқа 47 миллион сум муғдарында емлениўине байланыслы қәрежетлер жумсалды.

Сондай-ақ, 95 жасқа 177 миллион сум муғдарындағы қаржы дөретиўшилик жумысларын, 1162 жасқа 799 миллион сум муғдарындағы қаржы бес әҳмийетли баслама бойынша басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм 881 жасқа 215 миллион сум муғдарындағы қаржы басқа бағдарлардағы жумыслар ушын ажыратылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги