Усы жыл 23-июнь күни Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң шөлкемлестириўинде «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырылыўы тийис Мәмлекетлик бағдарламаның 12 ҳәм 147-бәнти бойынша быйылғы жылдың 1-июнь жағдайына орынланыў барысына бағышланған жәмийетлик тыңлаў болып өтти.
Жәмийетлик тыңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслериниң депутатлары, тийисли тараў басшылары ҳәм қәнигелери, сиясий партиялардың, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов алып барды.
Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары М.Ахмедова бағдарламаның 12-бәнти бойынша мәҳәлле институтының жумысларын жетилистириў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Ю.Алимов ҳәм Жаслар ислери агентлиги қәнигеси М.Турсынов 147-бәнти бойынша жумыссыз пуқаралар, әсиресе, жаслар, ҳаял-қызлар, елге қайтып келген мийнет мигрантларын мәҳәлле дәрежесинде кәсип-өнерге, исбилерменликке оқытыў көлемин кеңейтиў мақсетинде мәҳәллелерде кәсип-өнерге оқытыў орынларын, тармағын кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы есап берди.
2021-жылғы мәмлекетлик бағдарламаның 147-бәнтине муўапық, кәсип-өнерге оқытыў орынларының санын 16ға жеткериў, онда 8 әмелдеги оқыў орынларына қосымша түрде 8 мәҳәлледе тигиўшилик, аспазлық, кондитерлик, шаштәрезлик, компьютер, бухгалтерия ҳәм исбилерменлик тийкарлары және басқа да қурамалы әсбап-үскенелер талап етилмейтуғын бағдарлар бойынша кәсипке оқытыў орынларын шөлкемлестириў, қала ҳәм район ҳәкимлери тәрепинен мәҳәллелерде кәсипке оқытыў орынларын имарат пенен тәмийинлеў ўазыйпалары белгиленген.
Сондай-ақ, кәсипке оқытыў орынларын оқыў үскенелери менен Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры, «Ҳаял-қызлар дәптери» қоры ҳәм «Жаслар келешегимиз» қорларының қаржылары есабынан тәмийинлеў, оқыў орынларын сақлаў ҳәм оқыў процесслерин шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры тәрепинен қапланыўы нәзерде тутылған.
- Усы тапсырмалардың орынланыўын, әсиресе, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәсип-өнерге оқытыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды,-дейди М.Турсынов. – 10 мыңнан аслам жаслар жумыс пенен тәмийинленди, яғный бос жумыс орынларына жайластырыў есабынан 6112, жаңа жойбарларды шөлкемлестириў есабынан 609, ўақытша жумысларға 3364 жас тартылды.
466 жасқа 1481 миллион сумлық субсидиялар ажыратыў арқалы бәнтлигине көмеклесилди. 470 жастың шөлкемлестирилген миграция арқалы бәнтлиги тәмийинленди. Жаслардың исбилерменлик ҳәм өнерментшилик бойынша жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 4037 жастың исбилерменлик жумыслары ушын 118 миллиард 261 миллион сумлық кредитлер ажыратылып, нәтийжеде 4228 жаңа жумыс орны жаратылды. Буннан басқа, кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик тийкарлары бойынша 5600 жас оқытылды…
Қатнасыўшылар баянатлар бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги