Тақыятас районында жайласқан «Айдын жол» балалардыӊ дем алыў орайы республикамыз балаларыныӊ жаз мәўсиминде дем алатуғын еӊ сүйикли орынларыныӊ бири болып табылады.
Ҳәзирги күнлери екинши гезекте 130 бала дем алып атырған бул орайда оқыўшылардыӊ жазғы дем алысын қызықлы ҳәм мазмунлы өткериўи ушын көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилген. Атап айтқанда, бул жерде балалардыӊ спортқа, көркем өнер ҳәм музыкаға, китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде, ҳәр қыйлы дөгереклер шөлкемлестирилген ҳәм бул бағдарда оқыўшылар арасында ҳәр күни жарыслар, таӊлаўлар өткерилип келинбекте.
-Мен Хожели районынан келип дем алып атырман,-дейди бизге усы орайда дем алып атырған оқыўшылардыӊ бири Ирода Оразымбетова – Маған бул жерде музыка ҳәм аяқ ойын дөгереги унайды. 16-июнь күни бул жерге келген болсақ, соннан берли ўақыттыӊ қалайынша тез өткенин билмей қалдық. Сондай-ақ, бул жерге келип, Нөкис қаласы, Шымбай, Қараөзек, Тақыятас ҳәм Нөкис районларынан келген оқыўшылар менен танысып, досластық. Қулласы, «Айдын жол»ға келип дем алғаныма ҳеш ўақытта өкинбеймен.
Ҳақыйқатында да дем алыў орайында республикамыз балаларыныӊ жазғы дем алысын кеўилли өткериўи ушын орай ҳәкимшилиги тәрепинен көплеген қолайлы шараятлар жаратылып берилген. Бирақ, балалардыӊ аўқат-шайын таярлаўда печкалардыӊ белгиленген талапларға жуўап бермейтуғынлығы, ҳәм бул өрт қәўипин келтирип шығарыўы мүмкинлиги орай хызметкерлери тәрепинен айтып өтилди. Сондай-ақ, орай асханасы ҳәм спорт залларыныӊ күнниӊ ыссы күнлери жүдә ысып кететуғынлығы жөнинде де сөз етилди.
Алдағы ўақытлары тийисли шөлкем басшылары «Айдын жол» дем алыў орайы хызметкерлериниӊ бул шағымларын инабатқа алып, оларға жақыннан жәрдем көрсететуғынлығына исенип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги