Москва қаласында 22-июнь күни Өзбекстан ҳәм Россия Ҳүкиметлериниң басшылары дәрежесиндеги қоспа комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.

Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустинниң басшылығында өткен мәжилисте мәмлекетлеримиз басшыларының ҳәрекетлери менен Өзбекстан менен Россия арасындағы стратегиялық бирге ислесиў ҳәм аўқамласлық қатнасықлар анық әмелий мазмун менен байығаны айрықша атап өтилди.

Атап өтилгениндей, жоқара дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы избе-из тәмийинленбекте. Министрликлер ҳәм уйымлар жедел сөйлесиў алып бармақта, түрли дәрежедеги сапар етиўлер шөлкемлестирилмекте, бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдарлары белгиленбекте.

Усы барлық жедел байланыслар Өзбекстан Республикасы Президентиниң Россия Федерациясына болажақ сапар етиўиниң күн тәртибиндеги мазмунын байытыўға хызмет етпекте.

Ҳүкимет басшыларының мәлим етиўинше, Өзбекстан менен Россия арасында экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда өз-ара бирге ислесиў избе-из раўажланып бармақта.

Пандемияға қарамастан, жыл басынан өз-ара саўда пәтлериниң өсиўи тәмийинленген. Усы жылдың өткен дәўиринде товар айлынысының көлеми 15 процентке артты.

Еки мәмлекет Президентлери тәрепинен ҳүкимет басшыларына жақын дәўирде товар айланысын 10 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылған. Еки тәреплеме саўда көлеминиң турақлы өсиўи тәмийинленсе, усы нәтийжеге ерисиў мүмкин.

Россия Өзбекстанның ири инвесторларынан бири болып есапланады.

Россия компаниялары менен банклериниң қаржылары Өзбекстанның тийкарғы тармақлары – нефть ҳәм газ, кән, металлургия, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларға бағдарланған.

Өзбекстанда  Россия капиталының қатнасыўында 2 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта.

Мәжилисте, сондай-ақ, транспорт, билимлендириў, медицина, сыртқы мийнет миграциясы, мәдений-гуманитарлық еки тәреплеме бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў мәселелери де додаланды.

Мәжилис жуўмақлары бойынша өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған 10 нан аслам ҳүжжетке қол қойылды.

 

Өзбекстан Республикасы

Бас министриниң Баспасөз хызмети