Экономикалық процессуал кодексине киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға тийкарланып бәсекиликке байланыслы ислер экономикалық судқа тийислилиги белгиленди.
Усы кодекстиң 302-статьясына муўапық, бәсекиликке байланыслы ислер қатарына юридикалық тәреплер, соның ишинде, шет ел юридикалық тәреплери, хожалық басқарыў уйымлары, жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм монополияға қарсы гуресиўши уйымлар арасында товар ҳәм қаржы базарларында бәсекилик тараўындағы қатнасықлардан келип шығатуғын даўлар киреди.
Яғный, жоқарыда атап өтилген кодекске киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға көре бола, даўды бәсекиликке байланыслы ислер қатарына киргизиўдиң тийкарғы шәрти даў хожалық жүргизиўши субъект және монополияға қарсы уйым арасындағы товар ҳәм қаржы базарларында бәсекилик тараўындағы қатнасықлардан келип шыққанлығы есапланады.
Экономикалық судларға тийисли бәсекиликке байланыслы ислер қатарына, атап айтқанда:
Бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған келисимлерди (шәртнамаларды) өзгертиў яки бийкарлаў;
Бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық болмаған келисимлерди (шәртнамаларды) пүткиллей яки бир бөлегин ҳақыйқый емес деп табыў;
Бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылғанлығы нәтийжесинде алынған дәраматты (пайданы) белгиленген тәртипте өндириў;
таңлаў (тендер) ҳәм биржа саўдаларына байланыслы монополияға қарсы талаплар бузылғанлығы бойынша саўдаларды ҳәм оның нәтийжесинде дүзилген питимкелисимлерди (шәртнамаларды) ҳақыйқый емес деп табыў;
хожалық жүргизиўши субъектлерди мәжбүрий түрде бөлиў яки ажыратып шығарыў;
бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузған шахсларға ҳуқықый тәсир шараларын қоллаў;
монополияға қарсы гүресиўши уйым тәрепинен надурыс өндирилген қаржылар ҳәм жәриймаларды қайтарыў;
монополияға қарсы гүресиўши уйым тәрепинен бәсекилик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузыўшы тәрепинен қарар қабыл етилиўи нәтийжесинде жеткерилген зыянды өндириў ҳаққындағы даўлар киреди.
Жоқарыда атап өтилген даўлардың дизими толық есапланбаслығын инабатқа алыў тийис.
Экономикалық судқа тийисли болған бәсекиликке байланыслы ислер бойынша даўагер (хожалық жүргизиўши субъект яки монополияға қарсы гүресиўши уйым) өз қәлеўине қарай, жуўапкер жайласқан жердеги районлар аралық, қалалық, районлық экономикалық судына яки Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына мүрәжат етиўи мүмкин.
З.ХАСАНОВА,
Нөкис районлар
аралық экономикалық суды баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги