Нөкис Олимпия резервлери колледжинде бокс бойынша 2003-2004-жыллары туўылған жаслар арасында Өзбекстан кубоги жарыслары болып өтпекте.
Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан бокс федерациясы, оның Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илаждың ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде спортты, соның ишинде боксты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте.
Жарыста Ташкент қаласы, ўәлаятлардан ҳәм бизиң республикамыздан 300 ге шамалас боксшы қатнаспақта. Олар 11 салмақ категориясында жеңимпазлық ушын гүрес алып барады.
Жарыстың дәслепки күни өз салмақ категорияларында Самарқанд ўәлаятынан Норбек Хайтов, Жобир Жумаев, Фаёзбек Сайфуллаев, Әмир Турсунов, Наманган ўәлаятынан Жасурбек Сайфутдинов, Ферғана ўәлаятынан Мухаммедризо Абдуллаев, Әндижан ўәлаятынан Фарёзбек Обиджанов, Сурхандәрья ўәлаятынан Журабек Тураев, Умар Ташмуратов, Улуғбек Нормуратов, Ташкент қаласынан Азизбек Рустамов, Ташкент ўәлаятынан Зикиржон Умматалиев жеңимпаз болып, келеси басқышқа жоллама алды.
Өзбекстан кубоги жарысының жеңимпазлары 27-июнь күни анықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги