2021-жыл 21-июнь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он алтыншы жалпы мәжилисин 2021-жыл 25-июнь күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Видеоконференцбайланыс түринде өткерилетуғын жалпы мәжилисте бир қатар мәселелер көрип шығылыўы режелестирилген. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў тараўындағы жумысын жетилистириў, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Мәлимлеме сиясаты ҳәм мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселелери комитетин шөлкемлестириў ҳаққындағы мәселелер усылар қатарына киреди.
Буннан тысқары, «Рәсмий статистика ҳаққында»ғы, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы, «Судлар ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик тили ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Жынайый ҳәрекеттен алынған дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў тәртибиниң және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары додаланыўы нәзерде тутылған.
Соның менен бирге, Ташкент ўәлаятының Аққорған, Аҳангаран, Бекабад, Бостанлық, Бўка, Зангиата, Жоқары Шыршық, Қибрай, Паркент, Пискент, Орта Шыршық, Янгийўл районлары ҳәм Алмалық, Шыршық, Ангрен, Янгийўл, Бекабад қалаларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселениң көрип шығылыўы режелестирилген.
Қалаберди, қан донорлығы тараўын раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында, ақаба суў тазалаў имаратларында пайда болып атырған машқала ҳәм кемшиликлердиң қоршаған орталық және халықтың саламатлығына тәсири бойынша Министрлер Кабинетине парламентлик сораўлар жибериў ҳаққындағы мәселелери көрип шығылыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларда нәзерде тутылған инфраструктураны жаратыў, санаатласыў ҳәм инновацияларға жәрдемлесиў мақсетине ерисиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелери ҳәм басқа да мәселелердиң додаланыўы режелестирилген.
Буннан тысқары, Олий Мажлис Сенаты және Ҳаял-қызлар машқалаларын системалы түрде шешиў бойынша Республикалық комиссия тәрепинен мәҳәллелердеги жағдай, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм тараўға байланыслы белгиленген илажлардың орынланыўы бойынша өткерилген үйрениў нәтийжелериниң көрип шығылыўы нәзерде тутылмақта.
ӨзА