Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының тийисли тапсырмасына тийкарланып усы жылдың 17-18-июнь күнлери Нөкис қаласында тәбийғый ҳәм минерал ресурсларды терең қайта ислеў, нефть-газ, химия тараўлары бойынша тармақлараралық санаат ярмаркасы болып өтти.
Ярмарканың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Г.Саидова шығып сөйлеп, жергиликли ислеп шығарыўшылар арасында узақ мүддетли турақлы кооперациясы байланысларының орнатылыўы, жергиликли шийки зат ҳәм санаат кооперация тийкарында таяр өнимлер, комплектлеўши буйымлар ҳәм материаллар ислеп шығарыўды локализациялаў қатнасыўшылары менен жойбарлардың санын кеңейтиў, киши бизнес ҳәм жеке-меншик исбилерменлик субъектлерин санаат кооперациясына кеңнен тартыўда бул илаждың әҳмийетине тоқтап өтти.
Бул илажда «Өзбекнефтьгаз» АЖ орайлық стендинде система қурамындағы кәрханалар тәрепинен жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм кооперация байланысларын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көрсетилди.
Онда, быйыл «Өзбекнефтьгаз» АЖның локализациялаў бағдарламасы шеңберинде иске қосылған жойбарлар усынылды. Қарақалпақстан Республикасында жайласқан «Uz-Kor Gas Chemical» ҚК ЖШЖ тәрепинен экологиялық таза водород қуйыў станциясы, «Шортан ГХК» ЖШЖ тәрепинен тамшылатып суўғарыў системасы ҳәм оның аўысық бөлеклерин ислеп шығарыў жаңа линиясы, «Бухара НҚИЗ»ЖШЖ тәрепинен жаңаланған «QuWatt» маркалы жоқары октанлы автомобиль бензини, «Арнаўлыэнергогаз» АЖ тәрепинен «HIDRO-MEG» маркалы (көбикли) мобиль от өшириў қурылмаларын ислеп шығарыў жойбарлары усылардың қатарына киреди.
Буннан тысқары, ярмаркада Россия Федерациясының «Хромос Инжиниринг» компаниясы менен бирге ислесиўде аналитикалық басқарыў бокслары, лабораториялық газ, суйықлық ҳәм санаат хроматографлары, кислород, сынап анализаторлары өнимлерин локализациялаў бойынша исленип атырған жумыслардың презентациясы өткерилди.
Ярмаркада қатнасыўшыларға «Өзбекнефтьгаз» АЖ тәрепинен импорттың орнын басатуғын өнимлерди кооперация усылында ислеп шығарыўды хошаметлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша да мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, тармақ импортының ҳәр бир позициясын таллаған ҳалда оны жергиликли кәрханалар тәрепинен өзлестириў процесслерин толық муўапықластырып барыў жумысларын система кәрханаларына бөлистирип бериў тәжирийбеси айрықша атап өтилди.
Илажда «Өзбекнефтьгаз» АЖ қурамындағы кәрханалар тәрепинен улыўма баҳасы 42 млрд. сум муғдарында 47 кооперация шәртнамалары бойынша усыныслар қәлиплестириледи. Сондай-ақ, жаңа өнимниң түрлерин биргеликте өзлестириў бойынша 23 исбилерменлик субъекти менен 37 меморандумға қол қойылды.
«Арнаўлыэнергогаз» АЖ тәрепинен быйылғы жылы санаат усылында ислеп шығарыла баслаған «HIDRO-MEG» маркалы (көбикли) мобиль от өшириў қурылмасы аймақлық ярмаркада «Ең жақсы инновациялық жергиликли өним» номинациясы бойынша сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги