Усы жыл 18-июнь күни Нөкисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәмлекетлик уйымлар басшыларының орынларда коррупцияның алдын алыў, соның ишинде, мәмлекетлик бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў бойынша алып барып атырған жумысларына бағышланған биргеликтеги қоспа мәжилиси болып өтти.

 Видеобайланыс тәризинде өткен илажға сенаторлар, аймақлық ҳуқық қорғаў уйымларының, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып  барды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Н.Умаров өткерилип атырған илаждың мақсет ўазыйпалары ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мәмбетқадыров, Ишки ислер министри А.Темирханов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, республикамыз аймағында коррупцияның алдын алыў бойынша әмелге асырылып аырған кең көлемли илажлар, жол қойылып атырған кемшиликлер ҳәм оны сапластырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, аймақлық мәкемелер тәрепинен «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-февральдағы «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамының қағыйдаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары және 2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында Коорупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен тастыйықланған  коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, сондай-ақ, 2020-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасында Коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы талапларын орынлаў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылған.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша республикалық мәкемелер аралық комиссиясында мәмлекетлик уйымлар, жуўапкер мәкемелер ҳәм шөлкемлер менен  биргеликте аймақта жол қойылып атырған коррупция, бюджет қаржыларының талан-тараж етилиўи ҳәм өзлериниң мәпинен пайдаланыў менен байланыслы жағдайлар тараўлар ҳәм мәкемелер кесиминде турақлы талланып, корруцциялық жынаятлардың келип шығыў себеплери менен шараятларын сапластырыў бойынша тийисли илажлар көрилген.

2020-жылы ҳәм быйылғы жылдың өткен дәўиринде халықтың ҳуқықый санасы менен мәдениятын арттырыў, жәмийетимизде коррупцияға қарсы маўасасыз гүресиўди қәлиплестириў мақсетинде аймақлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен жәми 2264 мәрте ушырасыў, семинар ҳәм дөгерек сәўбети өткерилип, ғалаба хабар қураллары арқалы бир нешше шығыўлар әмелге асырылған.

Соның менен бирге сенаторлар ҳәм депутатлар, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысты әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмелге асырылған илажларға қарамастан бул бойынша жынаятлардың алдын алыўдағы айырым кемшиликлер сынға адынды. Атап айтқанда, тийисли қадағалаўдың зәрүр дәрежеде жолға қойылмағынлығы нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириў министрликлери, жоқары оқыў орынлары, ишки ислер, денсаўлықты сақлаў, қурылыс, аўыл хожалығы, суў хожалығы министрликлери, ҳәкимликлер, банк системасы, сондай-ақ, мәжбүрий орынлаў бюросы, салық уйымлары тәрепинен коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларға жол қоймаўға қаратылған уйымлар аралық комплексли илажлардың орынланыўы толық тәмийинленбеген. Нәтийжеде Қарақалпақстан Республикасында коррупциялық ҳәм лаўазымлы шахслар тәрепинен исленген жынаятлардың саны өткен жылы 90, усы жылдың өткен 5 айы даўамында 97ни қураған.

Илажда бул бағдарда әмелге асырылған  жумыслар ҳәр тәреплеме талланып, алдағы әҳмийетли ўазыйпалар атап өтилди. Әсиресе, лаўазым ўәкилликлеринен пайдаланыў сыяқлы жағдайлар, коррупцияның барлық көринислерине шек қойыўда түрли мәкемелер ҳәм халқымыз арасында үгит-нәсият жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, бул иллетке қарсы гүрести тәмийинлейтуғын мехзанизмлерди енгизиў бойынша ишки қадағалаў ҳәм ишки аудитти жолға қойыў сыяқлы бир қатар илажларды әмелге асырыў белгиленди.

Қоспа мәжилисте бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы