Усы жыл 19-июнь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы болып өтти.
Видеобайланыс тәризинде өткен сессияға ҳүкимет ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.
Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күни Президентимиздиң басламасы менен елимизде нызам үстинлигин ҳәм пуқаралардың конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, жәмийетте әдилликти орнатыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң усы жыл 12-июнь күни болып өткен он сегизинши сессиясында жаңа редакциядағы «Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ҳаққында»ғы нызам жойбары көрип шығылып, депутатлар тәрепинен мақулланған еди.
Бүгинги сессияның күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитети ағзаларын сайлаў ҳаққында»ғы мәселе көрип шығылды.
Конституциялық бақлаў комитети ағзалығына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен Султамурат Қутлумуратов, Марияш Турымбетова ҳәм Елизавета Қутыбаевалардың кандидатурасы усынылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң он тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги