Усы жылдың 18-июнь күни Нөкис қаласындағы Президент мектеби питкериўшилериниң соңғы қоңыраў кешеси болып өтти.
Илажды Президент мектебиниң директоры Н.Балтабаева кирис сөз бенен ашты.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жанлы ҳаўазда атқарылды.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, мектептиң дәслепки питкериўшилерин, олардың устазларын ҳәм ата-аналарын қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев 2018-жылы Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында Президент мектеплерин ашыў ҳәм оны Нөкис қаласынан баслаў ҳаққындағы усынысты алға қойған еди. Буд мектеплерди шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет, билимлендириў процесслерине алдыңғы технологияларды қолланыў арқалы қәбилетли жасларды тәрбиялаў ҳәм оқытыў, хошаметлеў және келешекте олардың потенциалын қоллап-қуўатлаў болып табылады.
Мектепте STEAM бағдарындағы пәнлер Cambridge International бағдарламасы тийкарында инглиз тилинде, жергиликли пәнлер Өзбекстан билимлендириў бағдарламасы тийкарында мәмлекетлик тилде алып барылады. Оқыўшыларға 8 сырт елли, 25 жергиликли муғаллим билим береди.
Илажда питкериўшилерге сертификатлар, арнаўлы статуэтка, ата-аналарына Миннетдаршылық хаты тапсырылды.
Соны айрықша атап өтиў керек, быйылғы оқыў жылын 24 оқыўшы питкерип атырған болса, олардың дерлик барлығы АҚШ, Уллы Британия, Қытай, Қырғызстан, Швейцария, Бирлескен Араб Әмирликлери, Венгрия, Австралия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң абырайлы оқыў орынларына кириў бахтына миясар болды. Буның барлығы Президентимиз тәрепинен қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаратылып берилген имканиятлардың нәтийжеси болып табылады.
-Оқыўшының терең билим алыўы ушын қандай шараят керек болса, бул жерде барлығы жаратылған,-дейди Президент мектебиниң питкериўшиси Нурхат Жумабаев.-Өзимниң қәлеўим бойынша компьютер сайнс, физика, математика бағдары бойынша билим алдым. Оқып жүрип дүнья жүзиниң ең абырайлы 17 жоқары оқыў орнына тапсырған болсам, соннан АҚШ тың 6, Уллы Британияның 4 жоқары оқыў орнына оқыўға қабылландым. Соның ишинде АҚШ тың Аризона университетинде оқыўды таңладым. Себеби, бул жердиң оқыў процесслери мени қанаатландырады.
Мектеп питкериўшилеринен Дамир Мырзабаев, Бийбимарьям Жолдасбаева, Нурбек Юлдашев, ата-аналар атынан Алтынгүл Алиева, Муслима Сапарниязова, Мухаббат Кучқарова шығып сөйлеп, жаслардың билим алыўы ушын жаратылып берилген шараятлар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
-Президент мектеби оқыўшыларының билим алыўға болған қуштарлығы жоқары,-дейди сырт елли муғаллим Лерато Машелоний.-Оқыўға тапсырыўда бәсекиликтиң жоқары болғанлығынан олардың арасынан ең билимлери таңлап алынған. Келешекте бул оқыўшылар дуньяның қәлеген жоқары оқыў орнында билим алыўына толық мүмкиншилик бар.
Илаж соңында қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылып, түрли таңлаўларға белсене қатнасқан оқыўшылар да мүнәсип сыйлықланды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы