Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, келешектеги режелерди белгилеў мақсетинде 17-июнь күни Әндижан ўәлаятына келди.

Избаскан  районының Қоғай мәҳәллеси – ең шетки аймақлардан бири. Экономикалық имканиятлар нәтийжесинде аўылларға да санаат кирип бармақта. Бул халықты жумыс пенен тәмийинлеўде оғада әҳмийетли.

Жақында бул мәҳәлледе «Соҳиб омад баракаси» кластери тәрепинен «And gold» тигиў-трикотаж кәрханасы иске қосылды.

Мәмлекетимиз басшысы усы фабриканың жумысы менен танысты.

Баҳасы 2 миллион  500 мың доллар болған жойбар шеңберинде жаңа имарат қурылып, заманагөй үскенелер келтирип орнатылған. Кәрхана жылына 3 миллион  500 мың дана таяр трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Өнимлерди  100 процент экспортқа бағдарлаў режелестирилген. Бул бағдардағы жыллық имканият 5 миллион доллардан аслам. Ийирилген жип жеткерип бериў  бойынша Қытай ҳәм Россия менен шәртнама дүзилген.

Кәрханада ҳәзирше 830 ҳаял-қыз жумыслы болды. Президентимиз олар менен сәўбетлести.

– Сизлерге өзимниң ҳүрметимди, муҳаббатымды билдиримен. Өзлериңиз жасайтуғын аўылда жумыслы болғаныңыздан қуўанышлыман. Қашан Избасканда мине усындай заманагөй кәрхана болған? Бул жумысларды және даўам еттиремиз. Ҳаял-қызларымыз ушын барлық шараятларды жаратамыз. Ҳаял-қызлар жумыслы болып, кейпияты жақсы болса, шаңарағы да бахытлы болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул кәрхана төрт айда қурып питкерилген. Фабрика толық қуўатлылыққа шыққанда, шетки аймақтағы 1 мың 200 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Өз  аўылында жумыс пенен тәмийинленген ҳаял-қызлардың кеўилиндеги сезимлерин кәрхана жумысшысы Нозима Ҳакимова Президентимизге жеткерди:

– Мен усы елдиң бахытлы ҳаялыман. Шаңарағым тыныш, перзентлерим саў-саламат. Аўылда ҳәмме шараятқа ийе кәрханаға жумысқа жайластым. Шетки аўыллардың халқын  дәрамат пенен тәмийинлеў бойынша реформаларды әмелге асырып атырмыз. Буннан адамлар қуўанышлы, – деди ол.

«Соҳиб омад баракаси» кластери 8 мың гектар жерде пахташылық пенен шуғылланады. Кластердиң ийирилген жип ҳәм гезлеме тоқыў кәрханалары бар. Келешекте Әндижан районында және бир таяр өним ислеп шығарыўшы фабрика, Шаҳрихон районында бояў цехын иске қосыў режелестирилген.

Усы жерде Әндижан ўәлаятында санаат тармақларын раўажландырыў илажлары таныстырылды.

Мәмлекетимиз басшысы Пахтаабад районындағы инновациялық ыссыхананы көзден өткерди.

Инновациялылығы, бул жер бурын тас-шағыл карьери болғанлығында. Жерден өнимли пайдаланыў сиясаты нәтийжесинде ол егислик атызына айландырылды. «Мега агро» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бул жерде Испания  технологиясы тийкарында ыссыхана жаратты.

Бул технологияда егислик полиэтилен қубырлар арқалы суўғарылады. Ең әҳмийетлиси, суў ысырап болмайды, турақлы айланып турады.

Исбилермен ушын 16 гектар жер ажыратылған. Соннан 6 гектарында ашық ҳәм жабық ыссыханада көк шөплер жетистириледи. Оларды елимиздиң базарларына жеткерип бериў, сондай-ақ, жылына 1 миллион  500 мың долларлық экспорт етиў режелестирилген. Кәрханада  100 жумыс орны жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы Әндижанда металл конструкциялар кәрханасын шөлкемлестирип, шеттен сатып алынып атырған материалларды локализациялаў, атап айтқанда, ыссыхана детальларын ислеп шығарыў бойынша тапсырма берди. Әндижан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты ўәлаятта аграр тараўды инновациялық раўажландырыўға акселератор болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Избаскан районындағы «Рустамжон Замин ривожи» фермер хожалығы атызында ғәлле зүрәәтин көрди.

Хожалықта 55 гектардан аслам жерге бийдай егилген. Оның ҳәр гектарынан 72 центнерден аслам зүрәәт алыў күтилмекте. Соннан  177 тонна  мәмлекетлик ресурслар ушын сатылады, 225 тонна өз ықтыярында қалады.

13 гектарда тамшылатып суўғарыў  енгизилген. Ғәлледен босаған майдан тәкирарый қайтадан егин егиў ушын  200 адамға ажыратып берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы ғәллениң сорты, зүрәәтлиги менен қызықты.

– Ғәлле өнимдарлығын  100 центнерге шығарыў илажларын көриў керек. Сонда фермердиң де, жумысшылардың да дәраматы артады. Дәраматы көбейсе, фермер илимге итибар береди, жаңаша  ислеўге өтеди, қоңсыларына, жасларға пайдасы тийеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде ўәлаяттың фермерлери, жаслардың ўәкиллери менен сәўбетлесиў болды.

– Бүгин Әндижанға келгенимдеги мақсет адамлар реформалардың пайдасын сезип атырма, руўзыгершилигинде өзгерис болды ма, халықты разы етиў ушын және нелерди ислеў керек, деген сораўларға жуўап табыў, – деди Президент. – Жүрип көрип атырман, әлбетте, өзгерис бар. Бирақ, бул бизди қанаатландырмайды. Және де көбирек жумысшы орынлар, мәҳәллелерде  шараятлар жаратыўымыз керек.

Ушырасыўда аўылларда санаатты  раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, турақ жайларда қусшылық, қыйтақ жерди кеңейтиў мәселелери ҳаққында сөз етилди.

– Реформалардың күши – мәҳәлледе, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы Избаскан районындағы Урганжи мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы менен танысты.

Мәҳәлледе 3 мыңнан аслам халық жасайды. Быйыл 915 орынлық улыўма билимлендириў мектеби оңлаўдан шығарылды. Барлық көшелер абат болып атыр. Онлаған киши бизнес субъектлери халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

Бағдарлама бойынша гүзардағы имарат қайта реконструкцияланып, аталар шайханасы, азық-аўқат дүканы, шаштәрезхана, «Street Workout» спорт майданшасы, «Санлы мәҳәлле» IT-орайы қурылды. IT-орайында балалар компьютер билимданлығы, киберспорт, программаластырыў сыяқлы әмеллерди орынлаўды үйренбекте.

Адамлардың өзи де өнермент, мийнеткеш. Соның ишинде, дийқаншылық пенен шуғылланыў тилегиндеги жасларға 10 сотыхтан жер ажыратылмақта. Мәҳәлледеги 150 шаңараққа 50 ден қус берилип, өзин-өзи бәнт етиўи тәмийинленген.

Шавкат Мирзиёев усы жерлик Қурбанали Уринбаевтың үйинде болып, жасаў шараятын көзден өткерди. Мәҳәлле ўәкиллери менен шын жүректен сәўбет болды.

– Енди ҳәр бир шаңарақтың имканиятынан келип шығып, бизнес-жоба жазып бериледи. Мәмлекетлик шөлкемлер шараят жаратады. Ҳәзирги заманға мүнәсип болып,  мийнет етпесек, нийетимизге жете алмаймыз. Қудайдың өзи мийнетке, ҳәрекетке жараса берекетин береди, – деди Президент.

Нуранийлар елимизге тынышлық, халқымызға абаданшылық тилеп, пәтия етти.

Халық тығыз жайласқан Әндижан ўәлаятында турақ жай мәселеси әҳмийетли. Сонлықтан Президентимиз ўәлаятқа алдынғы сапары ўақтында Әндижан районындағы тегисликлерде жаңа қала қурыў басламасын алға қойған еди.

Соннан кейин, түркиялы қәнигелер менен биргеликте жойбар ислеп шығылып, усы жыл 12-апрель күни презентация исленген еди. Мәмлекетимиз басшысы  турақ жайларды пуқта жойбарластырыў, аймақта көбирек бағ ҳәм қыябанлар  шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берген еди.

17-июнь күни бул жаңа қаланың қурылысына тырнақ қойыў мәресими болды. Онда нуранийлар, жаслар, жәмийетлик  белсендилер қатнасты.

Президентимиз бул қурылысты халқымыздың потенциалын көрсететуғын тарийхый ўақыя деп атады.

– Әндижандағы турақ жай машқаласын шешиў ушын еки-үш жылдан берли өзимди қыйнайман. Себеби жер аз, жайларға талап жыллар даўамында топланып қалған еди. Бир шаңарақта бир неше келин қәйин енеси менен жасап атырған  шаңарақлар көп. Соның ушын узақты ойлап, жаңа  қала  қурыўға киристик. Бул жерде  130 мыңнан аслам квартиралы көп қабатлы жайлар қурылады, 450 мыңнан аслам халық жасайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Улыўма майданы 4 мың гектар болған жаңа қаланың 2 мың гектар бөлегинде турақ жайлар, социаллық объектлер, санаат зоналары, хызмет ҳәм сервис объектлери қурылады. Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, және дерлик усындай майданда жасыл аймақ қурылады.

Жаңа қала жойбары 8 басқышта әмелге асырылады. Оның коммуникация тармақларын баслаў ушын быйылғы жылы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан  100  миллион доллар ажыратылады. Онда 33 километр ишимлик суўы тармағы, 52 километр автомобиль жолы, 18 километр электр ҳәм  27 километр газ тармақлары қурылады.

Биринши басқышта 3 мың  310 квартиралы  170 көп қабатлы турақ жай, 1 мың  680 орынлық мектеп,  385 орынлық бақша,  200 қатнаўлы поликлиника қурылады. Қала қурылысы дәўиринде  10 мыңнан аслам, кейин ала болса санаат, саўда, социаллық ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында  улыўма  100 мыңға шамалас жумыс орынлары жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы Әндижан Заҳириддин Муҳаммад Бабурдың туўылып өскен жери екенин, әндижанлылар билими ҳәм мәртлиги менен үлкен жумысларға уқыплы екенлигин атап өтти.

– Бүгин мине усындай үлкен қурылыс жумысларына кирисер екенбиз, бәринен бурын мәрт ҳәм кеңпейил халқымыздың қүдиретине, ата-бабаларымыздың бай билими ҳәм тәжирийбесине, мийнеткеш, бир сөзли Әндижан халқының күш ғайратына сүйенемиз. Мийнетимиз, илимимиз ҳәм ҳәрекетимиз бенен Әндижанның келешегин қурамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Соннан кейин Президентимиз жаңа қаланың қурылысына тырнақ тасын қойды.

– Бул күнлерге жеткенлер бар, жетпегенлер бар. Усы күнлерге жеткенимизге шүкир. Жаңа Әндижан халқымыз бахытлы, абадан жасайтуғын абат орай болатуғынына үмит етемен. Бул тарийхый ўақыя менен, қайырлы мәресим менен пүткил Әндижан халқын шын жүректен қутлықлайман, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Мәресимде мийнет нуранийлары, қурылысшылар шығып сөйледи.

Салыстырыў ушын мысал: Әндижан  ўәлаяты бойынша  2016-жылға шекем 4 мың  846 шаңарақ ушын жеке тәртиптеги бир-еки қабатлы жайлар қурылған. Соңғы 5 жылда болса 11 мың квартиралы көп қабатлы және 4 мың  400 жеке тәртиптеги жайлар қурылды. Усы жылы 6 мың 346 квартиралы  271 көп қабатлы, сондай-ақ, ипотека тийкарында 2 мың  500 жеке тәртиптеги жайлар қурылмақта.

Тоқымашылық санааты Әндижан ўәлаятындағы «драйвер» тараўлардың бири. Бүгин бул жерде  700 ге шамалас кәрханалар жумыс ислемекте.

Әндижан қаласындағы «Dinar group» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен  шөлкемлестирилген тигиўшилик кәрханасы – усылардан бири есапланады.

Улыўма баҳасы  10 миллион доллар болған бул жойбар ушын қараўсыз имарат «ноль»лик баҳада берилген еди. Тек жети айда бул жерде заманагөй кәрхана пайда болды.

Жаңа кәрханаға Италия, Австрия ҳәм Түркия сыяқлы мәмлекетлерден гезлеме бояўы ҳәм тигиў үскенелери алып келинип орнатылды. 1000 жумыс орны жаратылды. Кәрханада  жылына 3,5 миллион дана таяр трикотаж ҳәм 5 мың  тонна ярым таяр  өнимлер ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

Өзбекстан Европа Аўқамының GSP+  бағдарламасына   ағза болыўы менен бул кәрхана ушын да кең жол ашылды. Өнимлер  100 процент экспортқа бағдарланбақта. Бүгинги  күнде сырт мәмлекетлердиң буйыртпалары тийкарында  50 ден аслам түрдеги ярым таяр ҳәм  100  түрден аслам таяр трикотаж өнимлери ислеп шығарылмақта. Жыллық экспортты 40 миллион  долларға  жеткериў мақсет етилген.

Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўға қаратылған экономикалық сиясат нәтийжесине Әндижан қаласындағы «Diromm» фабрикасы да мысал бола алады. Оның имараты  1980-жылларда қурылған, узақ ўақыт ислемей, тасланды жағдайға келип қалған еди.

«Бобур ХБК» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 33 миллион  500 мың доллар  муғдарында инвестиция киргизилгеннен соң, имараттың көриниси улыўма өзгерди. Ол толық оңланып, Франция, Германия, Италия, Япония ҳәм Түркияның заманагөй технологиялары орнатылды. Ҳәзир бул жерде 1 мың  500 адам мийнет етпекте. Толық қуўатлықта 2 мың  700 турақлы жумыс орны болады.

Бүгинги күнде кәрханада  200 түрдеги джинсы өнимлери ислеп шығарылмақта. Гезлемени бояўдан баслап, таяр өнимге шекемги процесс заманагөй технологиялардың жәрдеминде әмелге асырылмақта.

Бул фабрикада да өнимлер толық экспорт етиледи. Мөлшер – жылына 25 миллион долларлық өнимди сырт елге жеткерип бериў.

Президентимиз  жаңа кәрханалардағы жумыс процесин, өнимниң үлгилерин көзден өткерди. Жуўапкерлерге кәрханалардың  жумысын кеңейтиў қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаяты Бас жәмийетшилик мешитин барып көрди.

Бул жерде биринши мешит  1870-жылы тикленген. Ҳәзирги мешиттиң қурылысы  2018-жылы басланып, усы жылдың май айында жуўамақланды.

Жаңа имарат әййемги төрт дәлиз ҳәм төрт дәрўаза усылында қурылған. Оның еки шетинде бийиклиги 54 метрлик минаралар, тийкарғы имараттың төбесинде диаметри 18 метрлик гүмбез қурылған.

Алдын мешит сыйымлығы 5 мың адамды қураған болса, енди имарат 15 мыңнан аслам намазханды өз ишине сыйдыра алады.

Қуран аятларынан оқылып, пәтия етилди.

– Бул имаратты қурыўға үлес қосқан инженерлер, қурылысшы ҳәм безеўшилер, қәўендерлерге миннетдаршылық билдиремен. Мешит Әндижан халқына мубәрек болсын, узақ жыллар халқымызға хызмет етсин, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде улама ҳәм имам-хатиблер менен сөйлести.

– Ҳәмме жерлерде муққадес зыярат орынларын абат етиў, жаңа мешит ҳәм ағартыўшылық орайларын қурыўға итибар қаратпақтамыз. Усындай қайырлы ислерди даўам еттиремиз. Мөмин-мусылманлар бул жерге келип, ибадатларды емин-еркин атқарып, шүкиршилик пенен халқымызды дуўа етсе, нур үстине нур, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиздиң Әндижан ўәлаятына сапары даўам етпекте.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,

ӨзАның хабаршылары