Абдикаликов Икрам Ережепбаевич Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары етип тайынланды. Бул ҳаққында Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Мағлыўмат ушын, Икрам Абдикаликов усы күнге шекем Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары болып ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.