Ташкент қаласында Татарстан Республикасы делегациясының сапары шеңберинде Өзбекстан ҳәм Татарстан аймақлары исбилерменлериниң бизнес-форумы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри С.Умурзақов, Татарстан Республикасы Президенти Р.Минниханов, Россия Федерациясының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм Толық хуқықлы елшиси О.Мальгинов, Ташкент ўәлаяты ҳәкими Д.Ҳидоятов ҳәм басқа да рәсмийлер қатнасты. Форумда Татарстан ҳәм Өзбекстанның бир неше аймақларындағы  исбилермен топарларының  100 ден аслам ўәкилли қатнасты.

Делегациялардың басшылары өзлериниң шығып сөйлеўлеринде агросанаат тараўы, азық-аўқат, тоқымашылық, электротехника, химия, машина қурылысы  тармағы, сондай-ақ , қурылыс материалларын ислеп шығарыўда санаат кооперациясын раўажландырыўдың үлкен потенциалын атап өтти. Базарға жарамлы және жоқары қосымша қунға ийе өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм басқа мәмлекетлердиң базарларына алып шығыў мақсетинде биргеликтеги жоқары технологиялы санаат кәрханаларын шөлкемлестириў бағдарында Татарстан ҳәм Өзбекстанның түрли аймақларындағы ислеп шығарыўшылардың ресурслары менен технологиялық имканиятларын бирлестириўдиң кең перспективалары атап өтилди. Илажда Татарстан ҳәм Өзбекстан аймақларындағы исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды жедел  бирге ислесиўге  және өз-ара пайдалы жойбарлар ҳәм басламаларды әмелге  асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Илаж шеңберинде делегациялардың ўәкиллери Татарстан ислеп шығарыўшыларының санаат көргизбесине барып, ислеп шығарылып атырған өнимлер, әмелге асрылып  атырған биргеликтеги жойбарлар ҳәм исбилерменлердиң бирге ислесиўин және де кеңейтиў режелери менен танысты. Көргизбениң өзинде Өзбекстан аймақларының тийисли ҳәкимият уйымлары ҳәм  Татарстанның министрликлери ҳәм уйымларының басшыларына биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўда бизнес ўәкиллерине ҳәр тәреплеме жәрдем бериў  бойынша анық әмелий илажлар көриў тапсырылды.

Түрли тармақлардың инвестициялық ҳәм саўда имканиятларының презентациясы және Россия базарындағы жетекшилери есапланған Татарстанның ири кәрханалары ҳәм Өзбекстанның Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятының исбилерменлери арасында «В2В» форматындағы мәнзилли ушырасыўлар да  шөлкемлестирилди.

Форумның жуўмақлары бойынша Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери және Татарстан Республикасының ҳүкимети арасында 2021-2022-жылларға мөлшерленген бирге  ислесиўди кеңейтиў бойынша «Жол карталары»на қол қойылды.  Бул ҳүжжетлерге саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, қала қурылысы, муниципал басқарыў, транспорт, турақ жай комунналлық хожалығы, абаданластырыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў тараўларында тәжирийбе алмасыў бойынша илажлар және анық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ўазыйпасы да киргизилген.

 

ӨзА