Усы жыл 16-июнь күни Ташкент ҳәм Нөкис қаласында ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте «Қарақалпақстанның туризм потенциалы: жаңа имканиятлар ҳәм машқалалар» атамасында онлайн-кеңес өткерилди.

Бул илаж «Турақлы аўыл аймақларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў арқалы Аралбойы регионында инсан қәўипсизлигиниң әҳмийетли машқалаларын шешиў» биргеликтеги жойбары шеңберинде шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Қарақалпақстанның туризм потенциалын үгит-нәсиятлаўдың жаңа имканиятлары ҳәм машқалалары додаланды.

Испаниядан турақлы туризм бойынша халықаралық эксперт ҳәм жипек жолы қәнигеси Алла Пересолова, Уллы Британиядан туризм маркетинг бойынша қәниге Кевин Харрис, журналист ҳәм туризм бойынша қәниге Жон Белл ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қарақалпақстанда туризмди және де раўажландырыў мүмкиншиликлери, ишки ҳәм халықаралық саяхатшыларға усыныс етиўи мүмкин болған бағдарлар бойынша пикир-усынысларын билдирди. Туризм раўажланған еллердиң бул бағдардағы тәжирийбелери туўралы кең түрде  мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстанда турақлы туризмди раўажландырыўға үлес қосыў ушын аймақтағы туристлик усыныслардың барлық түрлерин үйрениў, инфраструктура ҳәм хызметлерди еле де жетилистириў керек.

Мәсләҳәт кеңеси даўамында пандемиядан кейинги дәўирдеги туризмниң дүнья тенденциялары ҳәм Қарақалпақстанның туристлик потенциалын алға илгерилетиў имканиятлары көрип шығылды. Бул Қарақалпақстанның  мәдений ҳәм тәбийғый мийрасы ҳаққында халықаралық ҳәм миллий дәрежеде хабардарлықты арттырыўға бағдарланған бир қатар жойбар илажлары бойынша дәслепки ушырасыў болып есапланады.

Онлайн ушырасыўлар 23-24-июнь күнлери Нөкис қаласында еки күнлик әмелий сабақ, 30-июньнен 6-августқа шекемги аралықта туризм және Қарақалпақстан мәдений ҳәм тәбийғый мийрасы туўралы медиа-қурамды таярлаў ҳәм жаратыў бойынша әмелий сабақлар менен даўам етеди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги