Өзбекистан Республикасы Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасқан аграр тараўы ўәкиллериниң республикамыздың зәбердес дийқанлары, фермерлери ҳәм тараў хызметкерлерине М Ү Р Ә Ж А Т Ы

Қәдирли кәсиплеслер, аўыл хожалығы тараўында мийнет етип атырған зәбердес дийқанлар!

Мәмлекетимиз тарийхында туңғыш мәрте Президентимиздиң жеке басламасы менен бәршемиз Аўыл хожалығы хызметкерлери күнин үлкен салтанатлар ҳәм көтериңкилик пенен белгиледик. Пайтахтымыздан баслап, елимиздиң ең шетки аймақларына шекем шады-қоррамлық пенен «Зүрәәт байрамы» болып өтти. Дийқанлар менен бағманлар, шарўалар менен мураплар, қулласы, аграр тараўының барлық мийнеткешлерине жоқары ҳүрмет-иззет көрсетилди. Бундай итибар ҳәммемиздиң кеўлимизге мақтаныш бағышлайды, әлбетте.

Неге дегенде, тыныш журтқа, дәстурханы берекетли елге байрамлар, шадлықлар жарасады. Соның менен бир ўақытта, БМШ ның Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми ­ ФАО ның мағлыўматларына қарағанда, дүнья халқының 800 миллионнан көбиреги тойып аўқатланбай, кәмбағалшылықта турмыс кеширмекте. Планетамыздың түрли мүйешлеринде болып атырған өз-ара урыслар, жүз берип атырған тәбийғый апатшылықлар да мың-мыңлаған адамлардың тәғдирин аянышлы аўҳалға салмақта. Мине усылар ҳаққында ойлар екенбиз, абадан елде жасап атырғанымызға шүкирлик етемиз, ел-журтымыздың раўажланыўы жолындағы азы-кем мийнетлеримиз бенен мақтанамыз.

Аўыл хожалығы хызметкерлерин, әсиресе, фермерлик ҳәрекетин Президентимиз ҳәмийше қоллап-қуўатлап келген. Бир пайытлары бул тараўдың келешегине гүман менен қараған айырым адамлардың пикирине қарамастан, қатаң турып, қанша қыйын болмаса, фермерлик жумысын қорғап, оларға исеним билдиргенлигиниң жемиси сыпатында фермерлик ҳәрекети экономиканың жетекши буўынына айланды.

Әзиз дослар!

Мәмлекетимиз басшысы Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәресимде шығып сөйлеген сөзинде «Бул тараўдың мийнети қаншелли мақтанышлы, наны болса, қаншелли татлы ҳәм мазалы екенин бәршемиз жақсы билемиз. Дийқан бул ­ өмирдиң исенимли тиреги, тиришиликтиң беккем таянышы, десек ҳеш қашан алжаспаймыз», деген сөзлери арқалы бизге өзиниң шексиз ҳүрмет ҳәм иззети менен кеўлимизди таўдай көтерген болса, келешекте алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм оларды әмелге асырыў жоллары, жумысларымыздағы қәте ҳәм кемшиликлерди сапластырыў илажлары бойынша дәстүрий тапсырмалары болса биз, тараў хызметкерлерин жаңа шеклерге баслаўшы шақырық болды.

Елимиз басшысының атап өткениндей, бизиң машқалаларымызды ҳеш ким шеттен келип шешип бермейди, қәте ҳәм кемшиликлеримизди көрсетпейди.

Соның ушын өз жумысларымызды сын көз-қарастан қайта көрип шығып, нуқсан ҳәм кемшиликлерди анықлап, оларды сапластырыў, иске қосылмаған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў илажларын көриўимиз керек.

Әзелден ата-бабаларымыз жерди, суўды қәдирлеп келген, бул пазыйлет халқымыздың қанына сиңип, миллий қәдирият дәрежесине көтерилген. Лекин, бабаларымыз жыллар даўамында ҳүрмет-иззет көрмей, жүрегинде әрман ҳәм қысым менен жасап өтти. Себеби, ҳақыйқый дийқан болса да, оларға жерге ийелик етиў ҳуқықы берилмей келди.

Өтмишке нәзер таслайтуғын болсақ, ата-бабаларымыз жыл даўамында мийнет етип, өним жетистирип кесасы ағармаған. Ғәрезсизликке шекем дийқанларымыз тийкарынан пахта жетистириўге мәжбүр етилди. Күни-түни тынбай ислеп, хошамет орнына дөҳметке қалып, «пахта иси» деген жасалма айыплаў менен қыйнаўға салынған ҳәм жазаланған.

Пахта ҳәм ғәлле тийкарғы егин сыпатында қала берди. Олардың орнына азғантай болса да дәраматлы егинлер егиўге батына алмадық. Бул жағдай бүгин өтмишке айланды.

Енди мәмлекетимиз басшысы өнимсиз, төмен зүрәәтли жерлерде пахта ҳәм ғәлле орнына топырақ-ықлым шараятына сай келетуғын дәраматлы, өнимдар, дүнья тәжирийбесинде сынақтан өткен егин ҳәм мийўе-овощларды жайластырыў, ғәлледен босаған майданларда қәлегенинше базарға, экспортқа қолай тәкирарый егинлер егиўге шақырып турған бир пайытта, тән алайық, биз бул имканиятлардан пайдаланбай оғада артта қалыўшылыққа жол қоймақтамыз.

Ҳәр бир пасыл өз мүддетинде келетуғын диярымызда тек ғана бир мәрте өним алыў, бул ­ өзбек дийқанына тән емес. Солай екен, алтынға тең жер майданларымызда жылына 2-3 мәрте зүрәәт алыў ҳәр бир дийқанның халқымыз алдындағы ўазыйпасына айланбағы дәркар.

Бул бағдардағы жумысларымызға қалыс нәзер тасласақ, жерлеримиздиң өнимдарлығын арттырыў, оннан нәтийжели пайдаланыў, ҳәр бир қарысын қәстерлеп-сақлаўға бармақ арасынан қарап киятырғанымыз да әйне ҳақыйқат.

Ҳүрметли тараў пидайылары!

Тиришилик дереги болған жер ­ улыўмахалықлық байлық. Ол халыққа хызмет етиўи керек. Оны өз мәпи жолында сатыўға, талан-тараж етиўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.

Арамызда жерлерди сатып атырған кәсиплеслермиздиң барлығы биз ушын уят екенлигин өкиниш пенен тән алыўымыз лазым. Жерди қәдирлемеген, оған меҳири болмаған фермердиң қалайынша жумысында өним, зүрәәтинде берекет болыўы мүмкин!

Президентмиздиң атап өткениндей, жерди ардақлайтуғын, суўдың қәдирине жететуғын, өз техникасы, ис қураллары болған, нәтийжеге ерисиўди мақсет етип алып, тек дәраматқа ислейтуғын инсан ғана келешек фермери бола алады. Биз бул процессте фермерлик ҳәрекетиниң нызамларына өзгерис киргизилиўиниң тәрепдарымыз.

Мәлим болғанындай, ҳәр елдиң өзиниң символикалық дарақлары бар. Тарийхтан белгили, тут аўыр дәўирлерде ата-бабаларымызға азық болған. Жапырағы болса, Уллы жипек жолының қәлиплесиўине тийкар жаратқан жипекшиликтиң азықлық дереги болып хызмет еткен.

Лекин, соңғы жылларда тутларды аяўсыз кесип, отын етип жақтық. Ақыбетинде жәбирин өзимиз көрип атырмыз. Соның ушын ата-бабаларымыздан қалған мийрасты тиклеп, егин майданларымыздың шетлерине тутлар егейик. Мийли, атызларымызды тут дарақлары қоршап турсын. Зыянкес жәнликлерди шақыратуғын, тийкарғы жерлеримизге сая беретуғын дарақларды егиў ҳәр тәреплеме зыянлы екенлигин үгит-нәсиятлайық.

«Фермерликти кәсип еттиң бе, дәрамат алыўың шәртӘ» деген сүренди жумыс процесимиздиң өлшемине айландырып мийнет етиўимиз ушын барлық имканиятлар жеткиликли.

Тилекке қарсы, бүгинги күнде теберик топырақты сақлаў, оның өнимдарлығын арттырыў бағдарында жергиликли төгин, түрли азыққа бай шығындылардан пайдаланыў, «шербет» усылында суўғарыў сыялы әпиўайы, орынласа болатуғын агротехникалық илажларға әмел етпей атырмыз. Жап ҳәм салмаларды тазалаў жумысларында тек техникаға сүйенип қалғанбыз. Оларды қолда тазалаў пүткиллей итибардан шетте қалмақта. Нәтийжеде жерлеримиздиң мелиоративлик жағдайының төменлеўине бәршемиз себепши болып атырмыз.

Көз алдыңызға келтириң, ата-бабаларымыз жап-салмалардың қапталы ҳәм астын қандай кесип-тарашлап, теп-тегис етип тазалар еди. Оннан аққан суў да мәўжиреп ағар еди, ысырап болмай, дерлик толығы менен атызға таралар еди. Бул жол менен егин майданына жап-салмаларда қалып кеткен ҳәр қыйлы шығындылар менен күшсизлеген, зыянланған топырақ жетип бармайды. Керисинше, бундай тазаланған жап-салмалар арқалы жерди өнимдарлы топырақ пенен тойдырыў мүмкин болады. Ҳақыйқый дийқан атыз шетинен, пайдаланылмай атырған орын есабынан жерге жер қосады.

Алымлар, зыялылар менен бирге ислесиўдиң жолға қойылмағанлығы, тәўекелшилик тийкарында дийқаншылық етиў ақыбетинде өзимиздиң қалтамызға зыян келтирип атырғанын да бийкарлай алмаймыз. Енди фермер ме, суўшы ма, ирригатор ма, ямаса усы тараўдың илимпазы бола ма, заман менен тең қәдем таслаўы ушын өз үстинде тынымсыз ислеп, кәсиплик шеберлигин арттырып барыўы, ең тийкарғысы, тараўға байланыслы китапларды оқып, үйренип барыўын заманның өзи талап етпекте.

Қалыслық пенен тән алайық, қайсы фермер илим ҳәм әмелиятты үйлестириў мақсетинде илимпаз бенен бирге ислеспекте ямаса сырт елдиң алдыңғы тәжирийбесин қолланынып атырЎ Соның менен бирге, Қытай, Қубла Корея, Индонезия, Вьетнам сыяқлы көплеген мәмлекетлерде қәлиплескен ибратлы тәжирийбелер, өзин ақлап атырған, дәраматлы тармақлар жүдә көп. Биз имканият ҳәм потенциалымыз жағынан олардан кембиз бе!

Ҳақыйқатын айтқанда, илимпазларымыздың көпшилик изертлеўлери, жаратқан жаңалықлары, агротехникаға байланыслы билимлери я бизиң, ямаса илимпазларымыздың интасызлығы себепли атызға шекем жетип келмей ҳәм өз пайдасын бермей атыр.

Қәдирли кәсиплеслер!

Мәмлекетимизде суў муғдарының шекленгенлигин, әне, сол себепли жерлерди кеңейтиў имканияты жоқлығын Президентимиз айрықша атап өтип, бәршемизди жерди сүйиўге, оны ардақлаўға, суўдың ҳәр тамшысын қәдирлеўге шақырды. Ҳәммемизге белгили, елимизде суўғарылатуғын жерлердиң 45 проценти ағын суў дәреклеринен, 55 проценти болса насослар ҳәм артезиан қудықлар арқалы суў менен тәмийинленеди. Бүгин Өзбекистанда бир куб суўдың өзине түсер баҳасы 40,3 сумға түспекте. Қала берсе, ҳәр жылы мәмлекетимиз тәрепинен ирригациялық ҳәм мелиорациялық илажлар ушын орташа 2,3 триллион сум қаржы жумсалмақта. Енди айтың, қай биримиз суўдан пайдаланғанымыз ушын неше сум төледик?

Елимиз басшысы келешекте бул илажлар ушын қаржыны еки есеге арттырамыз, деп атап өтти. Биз болсақ буған жуўап ретинде жетистирип атырған зүрәәтимизди, ислеп шығарып атырған өнимлеримизди кеминде еки есе арттырыўымыз керек. Бул ушын болса, ең дәслеп, суў ҳәм ресурсларды үнемлейтуғын, интенсив технологияларды жумыс процесимизге жедел енгизиўимиз талап етиледи.

Бүгин заман тезлик пенен өзгермекте. Егер Журтбасшымыз тәрепинен алдымызға қойылған ўазыйпаларды бүгин биз орынламасақ, ертең нәўқыран жасларымыз, әлбетте, орынлайды.

Тәжирийбемиз бай, маманлығымыз жоқары болса да, заман менен ҳәмнәпес бола алмасақ, заманагөй пикирлейтуғын, ислейтуғын жасларға орнымызды ўақты-саатынан бурынырақ босатып бериўге мәжбүр боламыз. Себеби, Президентимиз «Келешек бүгиннен басланады» деп айтқанында, халқымыздың жақсы турмысты күтип емес, жақсы турмыстың өзинде жасаў тилегин нәзерде тутпақта.

Шарўашылық, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик тармақларының раўажланыўы бойынша да дыққатқа ылайық табысларымыз бенен мақтана алмаймыз. Бул тармақлардың раўажланыўы жолындағы жумысларымызды системалы рәўиште жоқары пәтлерде жолға қойыўымыз заман талабы болып табылады.

Алдынғы технологияларды қоллана отырып, тармақты раўажландырыўымыздан тысқары, ҳәр бир фермердиң атызы басында киши болса да балықшылыққа сай суў ҳәўизи, кеминде елиў бас таўығы, өзине сай ыссыханасы, ҳеш болмағанда бес қуты пал ҳәрреси, исши-хызметкерлер ушын ықшам ғана атыз шертеги, ҳәтте ол жерде тандырдың болыўы бәринен бурын материаллық, қала берсе, руўхый жақтан да пайда емес пе?

Ендигиден былай ҳәммемиз өз атызларымызға барып, олардың шетлерине итибар берейик, бар жағдайды жақсылап көзден өткерип, қайта үйренейик. Неге енди, өзимиз, шаңарағымыз, исши-хызметкерлеримиз ушын керек болған бундай жумысларды елимиз басшысы белгилеп берсе, орынланыўы тек бизиң мәплеримизге хызмет ететуғынын түсинбеймиз!

Тән алайық, арамыздағы пассив фермерлерге бийпарўа қараймыз, олардың унамсыз ислеринен көз жумамыз, оларға әмелий жәрдем көрсетпеймиз. Сондай-ақ, тәжирийбели, шебер бола турып, тәжирийбеси аз болған фермерлерди қоллап-қуўатламаймыз. Ақыры, арамызда 12 мыңнан аслам жас фермерлеримиз бар, олардың қатары жыл сайын кеңеймекте.

Барлық кемшиликлеримиз ­ нуқсанларымыз, бийпәрўалығымыз, пассивлигимиз, итибарсызлығымыз ҳаққында Журтбасшымыздың жумысларымыздың раўажланыўын гөзлеп берген тапсырмаларының негизинде және ҳәм және тек өзимиздиң мәплеримиз жәмленгенлигин жүректен сезинейик.

Әййемнен дийқан халқы елде ардақланып, дөретиўшилердиң шығармаларында алғысланып, мақталып келинген. Ҳәзир де шайыр-жазыўшыларымыздың қосық-дәстанларында, гүрриң ҳәм повестьлеринде бул кәсип ийелери жоқары дәрежеде жырланады. Мине, усындай ҳүрмет-итибарға ылайық болыў ушын өз тараўымызда басламаларымыз ҳәм умтылысларымыз, нәтийжели жумысларымыз бенен жедел ҳәрекет етиўимиз керек.

Президентимиздиң бул сөзлери ҳәр биримиз ушын қолланба болып, онда белгилеп берилген ўазыйпаларды шын жүректен бәржай етсек, ғайрат көрсетсек, ийгиликли ислеримизде нәтийже, өнимлеримизде берекет болады.

Бул ушын болса ҳәзирден-ақ кейинги жылдың зүрәәти ушын ҳәр биримиз жумысларымызды пуқта режелестирейик. Тараў илимпазларының пикир-усынысларына қатаң әмел ете отырып, алдынғы технологияларды енгизип, ислеп шығаратуғын өнимлеримиздиң сапасы ҳәм муғдарының артыўын тәмийинлейик. Бул уллы ислерди әмелге асырыўда фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине, аўыл хожалығының барлық хызметкерлерине күш-қуўат, жигер, беккем денсаўлық ҳәм әўметлер тилеймизӘ

 

Аўыл хожалығы хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәресим қатнасыўшылары.