Усы жыл 8-июнь күни Президентимиздиң басшылығында аўыл хожалығын ҳәм исбилерменликти раўажландырыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў және азық-аўқат өнимлериниң көлемин көбейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Сурхандәрья ўәлаятында басланған жасларға жер бериў тәжирийбесин елимиз бойлап кеңнен ен жайдырыў мәселеси атап өтилген еди. Бул болса адамларымызды, соның ишинде, жасларымызды жумыс және дәрамат пенен тәмийинлеў имканиятын береди. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 8-июнь күнги «Жер қатнасықларында теңлик ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў ҳәм оларды базар активине айландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
Тахтакөпир районындағы Ағытай Адилов аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Атабай Мухтар» фермер хожалығында бийдайдан босаған атызларды жумыссыз жасларға бөлип бериў, оннан нәтийжели пайдаланыўға бағышланған көргизбели семинар болып өтти. Онда сектор басшылары , аўыл пуқаралар жыйынларының хызметкерлери, фермерлер, аўыл хожалығы тараўының хызметкерлери қатнасты.
Атап өтилгениндей, районда «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптер»ине киргизилген 772 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде оларға бийдайдан босаған 389 гектар жер майданы ажыратып берилди. Усы ажыратылған майданларға мәш, гүнжи, салы ҳәм от-жемлик егинлер егиў режелестирилген. Қайта егилетуғын майданларға тез писетуғын ҳәм суўлы аз талап ететуғын егинлерди көбирек егиў бойынша қәнигелердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Усындай көргизбели семинар Қараөзек районы Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Қараөзекли Батырбай» фермер хожалығында да болып өтти.
Илажда сөзге шыққанлар бийдайдан босаған жер майданларын жумыссыз пуқараларға бөлип бериў ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби ҳаққында кең түрде түсиник берилди. Атап айтқанда, район бойынша босаған майданларға тәкирарый егин егиў ушын 2872 гектар жер таярланды. Соннан 430,8 гектар жер майданы жумыссыз жаслар ушын ажыратылып, оған баў-бағша, майлы егинлер егиў режелестирилмекте.
Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларында болып өткен көргизбели семинарларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги