Президент Шавкат Мирзиёев 14-июнь күни денсаўлықты сақлаў ҳәм коммуналлық хызмет тараўларындағы жойбарлардың презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаяты ҳәм пайтахтымыз районларында болғанында, сондай-ақ, 28-май күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде коммуналлық тармақларды жаңалаў, хызмет көрсетиў сапасын жақсылаў бойынша көплеген ўазыйпалар қойған еди. Бул бойынша жуўапкер министрлик ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен басқарыў сервис компанияларының жумысын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.
Атап айтқанда, Ташкент ўәлаятында 4 мың 938 көп қабатлы турақ жай бар. Оларға 36 сервис компаниясы ҳәм 369 ширкет хызмет көрсетеди. Ширкетлердиң ярымынан көбиси аўыр жағдайда. Хызметлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы болмағаны, заманагөй көзқараслардың енгизилмегени ақыбетинде тутыныўшылар наразы.
Илажда аймақтағы усындай кемшиликлер сынға алынды. Жойбарларды қайта көрип шығыў, системаны дурыс шөлкемлестирип, халыққа қолайлықларды арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Елимиздиң сырт еллер менен байланысларында аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға кең имканият берилмекте. Соның ишинде, Ташкент ўәлаятында Россия Федерациясының Татарстан Республикасы менен бирге ислесиўи тийкарында әмелге асрылатуғын экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Президентимиз жойбарларды сын көзқарастан баҳалап, бирге ислесиўди избе-из кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы буннан бир ай бурын Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайына барып, бул бағдардағы емлеўханаларда шараятларды жақсылаў бойынша тапсырмалар берген еди. Солардан келип шығып, 27-май күни Президенттиң «Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарарға муўапық, Республикалық онкология ҳәм радиология медициналық орайы ушын жаңа имаратлар қурыў ҳәм үскенелеў бойынша жойбар ислеп шығылды. Оның ушын Ташкент медициналық академиясы клиникасының бос турған аймағынан 5 гектардан аслам жер ажыратылған. Имаратты жойбарластырыўда сырт ел медицина мәкемелериниң алдыңғы тәжирийбеси инабатқа алынған.
Жаңа орайда позитрон-эмиссион томография, радиозотоп тексериўлер, шынжыр реакциялы анализаторлар, магнит-резонанс томография, ангиография ушын заманагөй үскенелер орнатылады. Иммунотерапия, таргет терапия, сызықлы тезлеткиш жәрдеминде ҳәм стереотоксикалық нур терапия, радиохирургия сыяқлы жаңа емлеў усыллары енгизиледи.
Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, барлық аймақлардағы онкология емлеўханаларындағы шараят, емлеў сапасы үйренилген. Ондай кеселликлер бойынша ең көп мүрәжат Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының филиалларына туўра келген. Яғный, оларда барлық наўқаслардың дерлик 37 проценти емленген.
Соннан келип шығып, Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының емлеўханаларын бирден-бир мәкеме сыпатында бирлестириў усынысы билдирилди. Оның нәтийжесинде потенциаллы қәнигелер ҳәм жоқары технологиялық үскенелер бир орында жәмленип, емлеўдиң сапасы артады, наўқаслардың әўере болыўының алды алынады.
Маман шыпакерлер таярлаўға қаратылған режелер ҳаққында да мағлыўмат берилди. Усы мақсетте Н.И.Пирогов атындағы Россия медицина университети менен бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша жойбар ислеп шығылған. Бирге ислесиў шеңберинде келеси жылы елимиздиң студентлерин Россияға оқыўға жибериў, 2023-2024-оқыў жылынан баслап Ташкент қаласында Пирогов атындағы университеттиң филиалын ашыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды мақуллап, оларды жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.
Сондай-ақ, презентацияда коммерциялық банклер тәрепинен қәлиплестирилген жойбарлар да көрип шығылды.
ӨзА