Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл ҳәм Беруний районларының пиллекешлери усы жылы мәмлекетке пилле сатыў режесин артығы менен орынлады.
Төрткүл районында 2021-жылдың өними ушын фермер хожалықлары ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши менен «Turtkul Silk Carpets» ҳәм пиллекешлер арасында 2924 қуты наўқан қуртын бағып, мәмлекетке 163,0 тонна сапалы пилле тапсырыў бойынша контрактация шәртнамасы дүзилген еди.
«Turtkul Silk Carpets» жуўапкершилиги шекленген жәмийет тәрепинен мәмлекетке 163,0 тонна «гүмис талшық» тапсырылып, бириншилерден болып шәртнама орынланды.
Быйылғы жылы Беруний районында «KKR IPAK CLUSTER» шөлкемлестирилген болып, 1800 жумысты бөлип алып ислеўшиге 2577 наўқан қурты шәртнама тийкарында тарқатылды. Бүгинги күнге белгиленген реже 143 тоннаға орынланды.
– Жипек кластериниң шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде пиллешилик пенен шуғылланатуғын жумысты бөлип алып ислеўшилердиң қатары кеңейип бармақта, – дейди «Беруний Агропилла» жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң баслығы Муҳаббат Аннамуратова, – Өткен жылы 1600 жумысты бөлип алып ислеўши болған болса, быйылғы жылы олардың қатарына 200 пиллекеш қосылды. Ҳәзирги күнлерде үшинши ҳәм төртинши мәўсим пилле бағыў процесине таярлық баслап жиберилди.
Райондағы ең шетки «Алтынсай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нде турған пуқаралар, сондай-ақ, жумыссыз халық пенен дүзилген шәртнамаға муўапық, 150 қуты наўқан қурты 95 жумысты бөлип алып ислеўшиге тарқатылды. Сол себепли режеден артық 8 тонна пилле тапсырыўға ерисилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы