Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстан Республикасына рәсмий сапары алдында 9-июнь күни Бохтар қаласында Өзбекстан-Тәжикстан биринши аймақлараралық инвестиция форумы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы  саўда министри С.Умурзоқов, Тәжикстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Давлатали Саид, еки мәмлекеттиң министрлик, уйым, тармақ бирлеспелери, коммерциялық банклер, саўда-санаат палаталары, шегаралас ўәлаятлардың басшылары, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Тәжикстанның  түрли аймақларынан келген  300 ге шамалас исбилерменлер қатнасты.

Форумда еки мәмлекет делегацияларының басшылары экономикалық шерикликти кеңейтиў, жоқары технологиялы биргеликтеги кәрханаларды шөлкемлестириў, ғалабалық өнимлер ислеп шығарыў ҳәм перспективалы базарларға кирип барыў бойынша кооперация қатнасықларын жолға қойыўдың салмақлы потенциалын атап өтип, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан исбилермен топарларының ўәкиллерин жедел ҳәм табыслы бирге ислесиўге шақырды.

Бул форум Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында саўда-экономикалық қатнасықларды беккемлеўде әҳмийетли қәдем болып есапланады. Сонлықтан онда аймақлараралық қатнасықларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетлеримиз қоңсы екени ҳәм логистиканың қолайлығы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара саўданы раўажландырыў ушын  мисли көрилмеген  имканиятларды беретуғыны атап өтилди. Сонлықтан, жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм биргеликтеги бизнес басламаларын әмелге асырыўда исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында еки мәмлекеттиң шегаралас  аймақлары басшыларының биргеликтеги  ҳәрекетлери және де жеделлестирилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Экономиканың түрли тармақларында перспективалы  биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў мақсетинде 50 миллион долларлық устав капиталына ийе Өзбекстан-Тәжикстан инвестициялық қоры  шөлкемлестирилгени мәлим етилди.

Форумда еки мәмлекет аймақлары ҳәм тийисли уйымлардың басшылары сөзге шығып, инвестициялық бирге ислесиў имканиятлары, сондай-ақ, автомобиль қурылысы, тоқымашылық, былғары-аяқ кийим, азық-аўқат ҳәм электротехника санааты, аўыл хожалығы сыяқлы тараўларда жаңа санаат кооперациясының жойбарларын биргеликте әмелге асырыў бойынша анық усыныслар презентациясын өткерди. Сондай-ақ, илаж шеңберинде «B2G» ҳәм «B2B» түринде қатнасыўшылардың мәнзилли ушырасыўларын ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў  бойынша ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Форумның жуўмақлары бойынша Тәжикстан Республикасының ҳүкимети жанындағы Экспорт агентлиги менен Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспорты хошаметлеў агентлиги арасында бирге ислесиў ҳаққында келисимге, автомобиль, трансформатор, турмыслық техника өндириси,  интенсив бағлар, ыссыхана комплекслери, аўыл хожалығы ҳәм мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша биргеликтеги кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша келисимлерге, сондай-ақ, бир қатар саўда шәртнамаларына қол қойылды. Қол қойылған ҳүжжетлердиң улыўма суммасы  730 миллион долларды қурады.

Форум қатнасыўшылары Бохтар қаласында шөлкемлестирилген көргизбе менен де танысты. Онда Хатлон ўәлаятының исбилерменлери ислеп шығарған электротехника, металлургия, тоқымашылық, фармацевтика, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм басқа да өнимлер көрсетилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, бул форум жаңа жойбарлар, нәтийжелер, перспективалары менен еки мәмлекеттиң  исбилерменлерин тығыз бирге ислесиўге бағдарлайды. Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм санаат бирге ислесиўин беккемлеўдиң жаңа имканиятларын жаратады.

 

ӨзА